Халықты азық-аўқат өнимлери менен турақлы тәмийинлеўге қаратылған әҳмийетли қарар

98

Өзбекстан Республикасы Президенти “Халықты азық-аўқат өнимлери менен турақлы тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында” қарар қабыл етти.

Оған муўапық, Республика халқын тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлери, атап айтқанда, гөш, сүт, мәйек, балық, өсимлик майы ҳәм картошка менен кепилликли тәмийинлеў, шарўашылық хожалықларының азық-аўқат базасын түпкиликли жақсылаў, олардың жумысын кеңейтиў ушын қосымша шараятлар жаратыў ҳәм баҳалардың турақлылығын сақлаў мақсетинде:

а) жер ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў арқалы азық-аўқат өнимлерин жетистириўди көбейтиў есабынан халықты азық-аўқат өнимлери менен турақлы тәмийинлеў;

б) республика халқы мүтәжлиги ушын социаллық әҳмийетли түрдеги азық-аўқат өнимлерин кепилликли жеткерип бериў ҳәмде толық шынжырда майлы, от-жем, картошка ҳәм басқа да егинлерди жетистириў ушын финанслық имканиятларды кеңейтиў;

в) азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўшы, майлы ҳәм от-жем өнимлерин қайта ислеўши, нәсилли шарўа ҳәм қус жетистириўши және ветеринария хызметин көрсетиўши исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў ушын қолайлы шараят жаратыў;

г) келеси 3 жылда ири қарамаллар санын қосымша 445 мың басқа, қой ҳәм ешкилер санын 1,7 млн басқа, қуслар санын 10,3 млн басқа, балық жетистириў көлемин 200 мың тоннаға, өсимлик майы ислеп шығарыўды 30 мың тоннаға арттырыў нәзерде тутылған.

Азық-аўқат өнимлерин жетистириў ҳәм қайта ислеў көлемин арттырыў, нәсилли шарўа ҳәм қус жетистиретуғын және ветеринария хызметин көрсететуғын исбилерменлик субъектлери ушын Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан коммерциялық банклер тәрепинен азықлық ҳәм майлы егинлерди жетистириў қәрежетлерин қаржыландырыў ушын өним баҳасының 50 процентине шекем 12 процентлик ставкада (соннан 4 процентлик маржа) 12 ай мүддетке жеңиллетилген кредитлер ажыратылады.

2025-жыл 1-ноябрьден 2030-жыл 31-декабрьге шекем “Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы” акционерлик жәмийети тәрепинен Кредит процент қәрежетлерин компенсациялаў қоры есабынан усы қарарда келтирилген бағдарлар ҳәм шәртлер бойынша исбилерменлик субъектлерине Орайлық банктиң тийкарғы ставкасының еки есесинен аспаған муғдарда миллий валютада ажыратылатуғын кредитлердиң тийкарғы ставкадан 4 процент пункттен жоқары, бирақ 10 процент пунктке шекемги бөлеги, сырт ел валютасында ажыратылатуғын кредитлердиң 8 проценттен жоқары, бирақ 4 проценттен пунктке шекемги бөлеги қаплап бериледи және миллий ҳәм сырт ел валютасындағы кредитлериниң 50 процентке шекемги, бирақ 10 миллиард сум эквивалентинен аспаған бөлегине кепиллик усыныс етиледи.

Ири ҳәм майда шақлы қарамалларды бағыўға қәнигелескен мәҳәллелерге нәсилликти жақсылаў ушын сырт ел ҳәм жергиликли ветеринар ҳәм басқа да қәнигелерди Аўыл хожалығы министрлиги ямаса Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети тәрепинен тартыў, бунда қәрежетлердиң 50 процент бөлеги олардың жуўмағына тийкарланып тийислилиги бойынша Дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери жумысын қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан қаплап бериледи.

2026-жыл 1-январьдан баслап азықлық ҳәм майлы егинлерди жетистириўши субъектлерге өним жетистириўде суўғарыў илажлары ушын өз балансындағы насос агрегатлары жумсайтуғын электр энергиясы қәрежетлериниң 50 процент бөлеги Мәмлекетлик бюджеттен қаплап бериледи.

Қарарға муўапық, дәслепки басқышта ири ҳәм майда қарамал бағыўға қәнигелескен 200 мәҳәллениң дизими қәлиплестириледи ҳәм 2026-жыл 1-январьдан сырт елли ҳәм жергиликли ветеринарлар тартылады.

Шарўашылық хожалықларына сырт мәмлекетлерден импорт етилген нәсилли қарамал, қой ҳәм ешкилер ушын субсидия ажыратыў тәртибиниң әмел етиў мүддети 2030-жыл 31-декабрьге шекем создырылады.

Нәсилли бир күнлик шөжелер импорты ушын белгиленген субсидиялар 2026-жыл 1-январьдан баслап 2030-жыл 31-декабрьге шекем тек ғана жергиликли ислеп шығарыўшылардан гөш бағдарында усы нәсилли бир күнлик шөжелер сатып алынғанда ажыратылады.

2026-жыл 1-январьдан 2027-жылдың ақырына шекем тири ири шақлы қарамал (ТИФ ТН бойынша коды 0102) ҳәм тири қой ҳәм ешкилерди (ТИФ ТН бойынша коды 0104) импорт етиўде;

есапланған қосымша қун салығын 180 күнге кешиктирип төлеўге руқсат бериледи;

төленген қосымша қун салығының орнын қаплаў (қайтарып бериў) нызамшылықта белгиленген тәртипте әмелге асырылады.

2026-жыл 1-январьдан баслап мәмлекетлик ветеринария хызмети қадағалаўы астындағы товарларды Өзбекстан Республикасы аймағына алып кириўде ветеринария руқсатнамасы ҳәм сертификаты қәўипти таллаў нәтийжелерине бола бериледи ҳәм ветеринария руқсатнамасы ҳәм сертификаты 2 есе қысқарған мүддетте көрип шығылады. Азықлық өнимлерин жетистириў ушын 49 жылға ижараға берилген жерлер және улыўма пахта-ғәллешилик ҳәм шарўашылық хожалықларының 10 гектардан кем болмаған жерлериниң 1 процент, бирақ 20 сотихтан көп болмаған бөлегинде ири ҳәм майда шақлы қарамалларды сақлаў ушын жеңил конструкциялы имарат, суў резервуары ҳәм азықлық сақлаў қоймаханаларын қурыўға руқсат бериледи.

2026-жыл 1-июльге шекем жайлаў жерлерин тиклеў бойынша Азия раўажланыў банкиниң қатнасыўында улыўма баҳасы 63 миллион АҚШ долларына тең жойбар әмелге асырылады.

Жойбар шеңберинде жергиликли халықтың үй шараятында бағылатуғын шарўа малларын азықландырыў ушын жәмийетлик жайлаўларды шөлкемлестириў, республикада бар жайлаў жерлерин толық хатлаўдан өткериў, жайлаў жерлериниң жағдайын ҳәм инфраструктурасын тиклеў, атап айтқанда, суўғарыў қудықларын қазыў, өсимлик түрлерин кеңейтиў, заманагөй технологиялар (дронлар)дан пайдаланған ҳалда туқым себиў, жайлаўлардан пайдаланыў бойынша зәрүр илажлар әмелге асырылады.

ӨзА