Инсаныйлық ҳәм социаллық қатнасықларды үйретиўши тәсиршең фактор

85

Бизге белгили, кино көркем өнери инсан өмири, сезимлери ҳәм пикирлерин экран арқалы көрсетиўдиң ең тәсиршең қуралларынан бири болып есапланады. Ол тек ғана кеўил ашар емес, ал халықлар арасында мәдений қарым-қатнас, пикир алысыў ҳәм өз-ара түсинисиўди тереңлестиретуғын әҳмийетли дөретиўшилик майдан болып есапланады. Сонлықтан, кино тек ғана көркем өнер емес, ал адамгершилик ҳәм жәмийетлик қатнасықларды үйретиўши тәсиршең фактор болып есапланады.

Бүгин Ташкент қаласында басланған Х Европа кинофестивалының тийкарғы мақсети де әйне усы идеяға қаратылған.

Усы мүнәсибет пенен пайтахтымызда ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын баспасөз әнжуманы шөлкемлестирилди. Европа Аўқамының елимиздеги делегациясы ҳәм Өзбекстанда аккредитациядан өткен Европа Аўқамына ағза мәмлекетлердиң елшиханалары, сондай-ақ, Кинематография агентлигиниң жәрдеминде өткерилген бул илажда тараўдың жуўапкер ўәкиллери, қәнигелер ҳәм ҒХҚ хызметкерлери қатнасты.

Европа Аўқамының Өзбекстандағы елшиси Тойво Клаар ҳәм Кинематография агентлигиниң директоры Шуҳрат Ризаев шығып сөйлеп, кино көркем өнери тараўындағы бирге ислесиў ҳәм фестивальдың дәстүрий өткерилиўи мәдений байланысларды беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Бағдарламаға 12 Европа мәмлекетинен сайлап алынған фильмлер киргизилген болып, олардың арасында лирикалық драмалар, инсан өзлигин аңлаў ҳаққындағы илҳамландырыўшы турмыслық гүрриңлер және сезимлер ҳәм таңлаўлар сәўлеленген шығармалар бар. Сондай-ақ, Испанияның белгили “Aire Nuevo Danza” топары классикалық ҳәм заманагөй аяқ ойынлардан ибарат сахналық көрсетиўлерди көрсетеди.

-Биз быйыл оныншы мәрте Европа кинофестивалына биргеликте старт бердик. Бул Европаның кино санааты менен арамыздағы нәтийжели ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиўден дәрек береди. Киноның универсал тили пүткил дүньяда түсиниледи. Ҳәр бир тамашагөй оннан турмыс ушын әҳмийетли сабақлар алыўы мүмкин. Мәдений алмасыўлар ҳәм фильмлердиң көрсетилиўи халықларымыздың бир-бирин жақсырақ түсиниўин тәмийинлейди, – деди Шуҳрат Ризаев.

Елши Тойво Клаар бул кинофестивальда Европа фильмлери өзбек тамашагөйлерине усынылып атырғанынан қуўанышлы екенин билдирди.

– Бул фестиваль 12 Европа мәмлекетинде жаратылған фильмлерди өз ишине алған болып, олар тамашагөйлер қәлбин терең толқынландыратуғынына исенемен. Өткен он жыл даўамында фестиваль мәмлекетимиздеги ең абырайлы мәдений илажлардан бирине айланды ҳәм Европа ҳәм Өзбекстан халықлары арасында дослық ҳәм мәдений қарым-қатнас көпири ўазыйпасын атқарып келмекте, – деди елши.

Баспасөз әнжуманы жуўмағында жуўапкерлер журналистлердиң сораўларына жуўап берди.

Насиба Зиёдуллаева, ӨзА