Теннис: Сергей Фомин бас сыйлыққа қарай және бир қәдем таслады

71

Баҳрейн пайтахты Манама қаласында теннис бойынша М15 категориясына кириўши халықаралық турнирде мәмлекетимиздиң екинши номерли теннисшиси Сергей Фомин табыслы қәдем тасламақта.

Сергей Фомин Халықаралық теннис федерациясының жарыслар календарынан орын алған бул турнирдиң жеке түрлери екинши басқышында россиялы Тимофей Дерепасконы 3:6, 6:4, 6:2 есабында жеңди ҳәм шерек финалда испаниялы Иван Марреро Курбелоға қарсы кортқа шығатуғын болды.

Сондай-ақ, С.Фомин жуплық беллесиўлеринде нейтрал теннисши Даниил Голубев пенен тандемде шерек финал басқышын нейтрал теннисшиси Иван Неделко ҳәм руминиялы Валентин Вантага жуплығына қарсы өткерип, 6:3, 3:6, 10:7 есабында жеңиске еристи. Енди Сергей ҳәм Даниил ярым финалда россиялы Тимофей Дерепаско ҳәм италиялы Лоренсо Лоруссо менен күш сынасады.

Жавоҳир Тошхўжаев, ӨзА