Кэрол Миллер: Өзбекстан ҳәм АҚШ қатнасықлары турақлылық басқышында

103

АҚШ Конгресси Ўәкиллер палатасының ағзасы Кэрол Миллер ҳәзирги ўақытта Вашингтонда болып турған мәмлекетимиздиң жетекши ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң сораўларына жуўап берди:

– Өзбекстаннан келген шериклеримиз бенен улыўмалық тәреплер, сондай-ақ, мәмлекетиңизде жүз берип атырған әжайып өзгерислер, мәселен, балалар қандай билим алып атырғаны, ҳаял-қызларға шексиз ҳүрмет көрсетилип атырғаны ҳаққында сөйлестик. Қалаберди, тастыйықланыўы күтилип атырған Жексон-Веник дүзетиўиниң бийкар етилиўи қаншелли әҳмийетли екенлигине тоқтап өттик. Улыўма, жүдә жақсы, унамлы додалаў болды.

Өзбекстан аймақлары ҳәм штатларымыз арасында регионаллық байланыслардың орнатылыўы әпиўайы адамлар ушын жүдә әҳмийетли ҳәм перспективалы, деп ойлайман. Мен таўлы аймақта, көмир ҳәм тәбийғый газге бай штатта жасайман. Сизиң елиңизде де көплеген әжайып, әҳмийетли минераллар, энергия дереклери бар, бизлерде оғада көп уқсаслық, бир-биримиз бенен бөлисе алатуғын нәрселер көп.

Мәмлекетлеримиз арасында саўданы раўажландырыў оғада әҳмийетли екенлиги ҳаққында да сөз болды. Уллы Жипек жолы, атап айтқанда, неше мың жыллар даўамында мәмлекетиңиз саўда жолында қаншелли әҳмийетли мәнзил болғаны дыққат орайына шықты. Әҳмийетлиси, енди гөзленген мәнзиллеримизди бирлестириў.

Бес ай алдын Өзбекстанда болған едим. Көшедеги ашық кеўилли адамлар, әпиўайы шаңарақлар ҳәм балалар менде жүдә жыллы тәсир қалдырды, өзимди үйимдегидей сездим. Халқыңыз жүдә миймандос, аўқатлар да әжайып. Және барыўды интизарлық пенен күтип атырман.

Ҳәзир Өзбекстан ҳәм АҚШ қатнасықлары турақлы, келешеги үмитли басқышқа шықты. Қоңсы мәмлекетлер менен болса мәмлекетиңиз өз-ара теңлик принципине тийкарланған дослық қатнасық орнатып, Орайлық Азия регионында қәўипсизликти тәмийинлеў жолында үлкен жумысларды әмелге асырды.

Муҳаррама Пирматова,ӨзА