Елимиздеги ибратлы жумыслардың және бир халықаралық тән алыныўы

Мәмлекетимизде шөлкемлестирилген Беларусь мәденияты күнлери шеңберинде Беларусь Республикасы Мәденият министри Руслан Чернецкий басшылығындағы делегация Ташкент қаласында мәмлекетимиз басшысының басламасы тийкарында қурылған Миллий мәдений орайлар павильонында болды. Соң мийманлар жазыўшы Якуб Колас бюстине гүл қойыў мәресиминде қатнасты.
Павильонда туўысқан елдиң мәденият министрин Өзбекстан Республикасы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери бойынша комитетиниң баслығы Қаҳрамон Сариев басқарып барды.

Руслан Чернецкий бул павильонда шөлкемлестирилген беларусь, украин, рус, қазақ, қырғыз, түркмен, дунган, түрк миллий мәдений орайларының экспозициялары менен танысты.
Өзбекстанда жасап атырған 130 дан аслам миллет ўәкиллери сыяқлы беларусь миллетине тийисли халық ўәкиллерине жаратылып атырған шараятты жоқары баҳалап, Ҳүкиметимизге миннетдаршылығын билдирди.

Сондай-ақ, делегация Ташкент қаласында жайласқан беларусь әдебиятының уллы ўәкили Якуб Колас бюстине гүл қойыў мәресиминде қатнасты.
Мәресимде Өзбекстанда жумыс алып барып атырған “Купалинка” Беларусь фольклор жәмәәтиниң ўәкиллери Якуб Колас қәлемине тийисли шығармаларды оқып еситтирди.

Руслан Чернецкий беларусь халқының сүйикли перзенти Якуб Колас естелигине ҳүрмет ҳәм итибар ушын мәмлекетимиз басшысына өзиниң миннетдаршылығын билдирди ҳәм бундай ибратлы ислер еки халық арасындағы байланысларды буннан былай да раўажландыратуғынын атап өтти.
Айтып өтиў керек, Якуб Колас (1882-1956) беларусь әдебиятының ири ўәкиллеринен бири. Дөретиўши шайыр, жазыўшы, драматург, аўдармашы сыпатында беларусь әдебиятының раўажланыўына мүнәсип үлес қосқан. Екинши жер жүзилик урыс дәўиринде 1941-1943-жыллары Ташкент қаласында жасаған. Урыс жыллары Ҳамид Алимжан, Зулфия, Ғафур Ғулам сыяқлы өзбек әдебиятының дарғалары менен тығыз бирге ислескен. Оның естелигин мәңгилестириў мақсетинде 2018-жылы Ташкент қаласының орайында бюст орнатылған.
Н.Усмонова, ӨзА