Франция елшиси консерватория филиалында

92

Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалында «Франция мәденияты айлығы» шеңберинде ушырасыў болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Зарикеев, Францияның Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Уалид Фук басшылығындағы делегация ағзалары,  Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Б.Темирбаев, Қарақалпақстан Республикасы  Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри А.Аяпов, “Қарақалпақфильм” киностудиясы мәмлекетлик унитар кәрханасы директоры И.Абдихаликов ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалы директоры Р.Алланбаевлар қатнасты.

Ушырасыўда еки тәреп ўәкиллери өз-ара бирге ислесиў бойынша пикир-усыныслар билдирип, алдағы ўазыйпаларды белгилеп алынды.

Илаж консерватория профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги