Өзбекстан – АҚШ: инклюзив бирге ислесиў ҳәм парламентлераралық сөйлесиўде әмелий қәдемлер

Күни кеше Вашингтон қаласында С5+1 форматындағы ушырасыў – АҚШ ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери арасындағы инклюзив бирге ислесиў саммити болып өтти. C5+1 форматындағы бирге ислесиў көплеген тараў ҳәм бағдарларда өз-ара келисимлерге, улыўмалық раўажланыўға тийкар болады. Бул форматтағы байланысларда Өзбекстан белсендилик көрсетип атырғаны итибарға ылайық.
– Бүгинги күнде жәҳән сиясаты жаңа реаллықлар ҳәм жаңа мәплер майданына айланбақта, – дейди Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Гулчеҳра Тожибоева. – Геосиясий процесслер барған сайын қыйынласып, қәўипсизлик, экономика ҳәм экология тараўларында глобаллық бирге ислесиўдиң әҳмийети артпақта. Усы көзқарастан Орайлық Азия регионының орны ҳәм роли айрықша әҳмийетке ийе.
Вашингтон қаласында болып өткен С5+1 форматындағы ушырасыў – АҚШ ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери арасындағы инклюзив бирге ислесиў саммити – регион мәмлекетлери ушын жаңа сиясий, экономикалық ҳәм гуманитарлық имканиятларды ашып бермекте. Онда “инклюзив бирге ислесиў” түсиниги тек ғана дипломатиялық термин емес, ал барлық қатнасыўшы мәмлекетлердиң мәплерин есапқа алған, тең ҳуқықлы сөйлесиў арқалы улыўмалық раўажланыўға умтылыўды нәзерде тутатуғын жаңаша сиясий мәденият сыпатында көринбекте.
Инклюзив бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдары – экономикалық раўажланыў. Өзбекстан бүгин регионда жетекши орынды ийелеп, жаңа санаат потенциалын раўажландырмақта. Америкалы ҳәм халықаралық инвесторлар менен биргеликтеги жойбарлар тек ғана экономикалық пайда емес, ал технология, инновация ҳәм илим тараўында бирге ислесиўди тәмийинлейди.
5-ноябрь күни Вашингтонда Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев АҚШ Сенатындағы Орайлық Азия бойынша кокусының жәрдемши баслығы, сенатор Стив Дейнс пенен ушырасты.
Бул ушырасыў тек ғана еки мәмлекет байланысларын беккемлеўге қаратылмаған, ал инклюзив бирге ислесиў ҳәм парламентлераралық сөйлесиў арқалы әмелий нәтийжелерге ерисиўге хызмет етеди.
“С5+1” форматы АҚШ ҳәм Орайлық Азияның бес мәмлекети – Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан арасындағы бирге ислесиў майданы болып есапланады. Формат тек ғана сиясий сөйлесиў емес, ал транспорт, энергетика, санлы экономика, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм экологиялық жойбарларда да кең имканиятлар жаратады. Өзбекстан бул процессте белсене қатнаспақта ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў арқалы регионаллық турақлылықты тәмийинлеўге қәдем қоймақта.
Ушырасыўда парламентлераралық бирге ислесиўдиң әҳмийети айрықша атап өтилди. Нызам шығарыў, инвестиция ҳәм исбилерменлик тараўларындағы бирге ислесиў парламентлер арқалы раўажландырылыўы мүмкин. Аймақлараралық механизмлер жергиликли ҳәкимликлер ҳәм исбилерменлердиң қатнасыўындағы жойбарларды нәтийжели әмелге асырыў имканиятын береди.
Бул да регионаллық исеним орталығын беккемлейди ҳәм экономикалық, экологиялық жойбарлардың әмелге асырылыўын жеделлестиреди.
Ушырасыў нәтийжесинде Өзбекстан – АҚШ байланысларында бир қатар әҳмийетли келисимлер ҳәм бағдарлар белгиленди: инвестицияларды тартыў, саўда байланысларын кеңейтиў, Монтана штаты менен бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм исбилерменлер делегациясының Өзбекстанға сапары режелери усылар қатарына киреди.
Өзбекстан регионда жетекши экономикалық ҳәм инновациялық мәмлекет сыпатында жаңа санаат, “жасыл энергия” жойбарлары ҳәм киши бизнести қоллап-қуўатлаўда белсендилик көрсетпекте. Сондай-ақ, суў ресурслары ҳәм экологиялық машқалалар – Аралбойы регионын тиклеў, “жасыл аймақлар”ды жаратыў ҳәм қайта тиклениўши энергия дереклерин кеңейтиў – С5+1 форматындағы биргеликтеги бағдарламалар арқалы шешилип атырған әҳмийетли мәселелерден бири болып есапланады.
Өзбекстан С5+1 форматы ҳәм инклюзив бирге ислесиў шеңберинде тек ғана қатнасыўшы емес, ал интакер мәмлекет сыпатында жедел позицияны сақлап қалмақта. Ушырасыўлар нәтийжесинде әмелий келисимлер, биргеликтеги жойбарлар ҳәм парламентлераралық қарым-қатнас механизмлери белгиленди. Бул процесслер миллий ҳәм регионаллық турақлылықты тәмийинлеў, экономикалық өсиў ҳәм экологиялық машқалаларды шешиўде үлкен әҳмийетке ийе.
Муҳтарама Комилова жазып алды,
ӨзА