Лондонда Өзбекстан менен билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўдиң перспективасы додаланды

105

Өзбекстанның Англиядағы елшиханасында елши Равшан Усмонов дүньяның ең ири билимлендириў мәкемелеринен бири есапланған «Pearson» компаниясының бизнести раўажландырыў бойынша вице-президенти Жейн Бейкер менен ушырасты.

Сөйлесиў даўамында билимлендириў тараўындағы бирге ислесиў перспективасы, соның ишинде, заманагөй бағдарламалар ҳәм технологияларды республикамыздағы оқыў процесине енгизиў мәселеси додаланды.

Бас резиденциясы Лондонда жайласқан, билимлендириў хызмети тараўында глобаллық жетекши статусқа ийе «Pearson» компаниясы сабақлықлар басып шығарыў, онлайн курслар шөлкемлестириў, оқытыўшылардың билимин баҳалаў системасы ҳәм қәнигелигин арттырыў бағдарламаларын ислеп шығыўға қәнигелескен. Жәмәәт структурасында дүнья бойлап 70 регионаллық орай жумыс алып барады. Бул бөлимлерде 20 000 нан аслам қәниге ислейди.

Ушырасыўда Британия тәрепиниң ўәкиллери компанияның жумысы, билимлендириў өнимлери ҳәм кәсиплик тәжирийбе ҳәм көнликпени раўажландырыўға қаратылған басламалары ҳаққында мағлыўмат берди.

Жейн Бейкер елимизде әмелге асырылып атырған, жаслардың сапалы билим алыўына қаратылған кең көлемли реформалар процесин тән алды ҳәм өзбекстанлы шериклер менен белсене бирге ислесиўге таяр екенин билдирди.

Жуўмағында билимлендириў системасына халықаралық стандарт ҳәм инновацияны енгизиўге жәрдемлесетуғын узақ мүддетли бирге ислесиўди раўажландырыўдан улыўмалық мәпдарлық тастыйықланды.

А.Алимова, ӨзА