Халықаралық дайджест

Филиппинге бастырып келген “Калмаэги” дүбелейи ақыбетинде 66 адам қайтыс болды, 26 адам бийдәрек жоғалған. Бул ҳаққында рәсмийлерге сүйенип, The Guardian хабар берди. 430 мыңнан аслам халық өз үйлерин таслап кетиўге мәжбүр болған.
Зыян көлемин тексерип атырған әскерий вертолёт қулап түсип, 6 адам қайтыс болған. Қалғанлары болса суў тасқынлары, тереклердиң қулаўы ҳәм имарат ўайраншылықлары астында қалып қурбан болған.
Норвегия патшалық полиция басқармасы Россия менен 198 километрлик шегараны беккемлейди. Бир қатар шегара участкаларында тосықлар ҳәм бақлаў камералары орнатылады. Мәмлекет арқасындағы Сёр Варангер коммунасында жайласқан бурынғы Скафферхуллет шегара пункти ҳәм рәсмий Сторског қадағалаў-өткериў пунктинде қәўипсизлик күшейтиледи. Тосықлардан тысқары шегараны қадағалаў ушын заманагөй сенсорлар ҳәм бақлаў камералары орнатылады. Финнмарк округи полиция баслығы Эллен Катрине Хеттаның айтыўынша, мәмлекет шегарасының айырым бөлимлеринде дронлардан пайдаланыў “әҳмийетли болады”.
Бельгияның арқа-шығысында НАТОға қараслы Клейн Брогел авиабазасы жанында белгисиз дронлар ушыўы бақланды. Жергиликли халық 4-ноябрь күни кеште авиабаза әтирапында кеминде алты дронды көрген. Тастыйықланбаған мағлыўматларға бола, Клейне Брогел авиабазасы Европада Америка ядро қураллары сақланатуғын орынлардан бири есапланады. Полиция еки дронды дизимге алған.
Россия Ишки ислер министрлиги сырт еллилердиң мәмлекеттен шығып, қайта кириў арқалы миграция статусын жаңалаў әмелиятына шек қойды. Енди шетке шығып кетиў руқсат етилген қалыў мүддети даўамлылығын ноллестирмейди. Бул ҳаққында “ТАСС” хабар берди. Министрликтиң атап өтиўинше, көплеген сырт ел пуқаралары Россиядан шығып кетип, қайта кириў арқалы миграциялық статусын жаңалаў ямаса қалыў мүддетин созыў мүмкин, деп надурыс ойлайды. Визасыз тәртипте Россияға кириўшилер мәмлекетте максимал бир жылда 90 күн қалыўы мүмкин.
АҚШтың Кентукки штатында жүк тийелген MD-11 самолёты ҳаўаға көтерилгенинен көп өтпей, қулап түсти. Бул ҳаққында CNN хабар берди. Мәлим етилиўинше, самолёт UPS компаниясына тийисли болған. Ол Луисвиллдеги Муҳаммад Али халықаралық аэропорты жанында апатшылыққа ушыраған. Ҳәдийсеге самолёт двигателиниң жанып кетиўи себеп болғанлығы болжанбақта. Самолёт қулаған жерде өрт келип шығып, аспанға қара түтин көтерилген.
Ирода Жўраева, Улуғбек Тўхтаев (видео), ӨзА