Дәслепки турдағы дәслепки жеңис

Қатар мәмлекетинде басланған футбол бойынша жас өспиримлер арасындағы жәҳән чемпионатының «Ж» топарында да дәслепки тур ойынлары өткерилди.
Онда Ислам Исмаилов басшылығындағы Өзбекстан сайланды командасы 1-турда парагвайлы футболшыларға қарсы ойнады. Ушырасыўдың дәслепки таймы мәмлекетимиз футболшыларының толық үстинлигинде өтти ҳәм ойынның 25-минутында Азизбек Абдумўминов Абубакир Шукуруллаев тәрепинен жеткерип берилген топты Парагвай дәрўазасына анық жоллап есапты ашыўға миясар болды.
Бул голдан руўхланған командамыз ағзалары ойында буннан кейин де ҳүжимлер шөлкемлестирип, усындай қәўипли ҳүжимлердиң бирин ҳүжимшимиз Азизбек Абдумўминов табыслы жуўмақлаўға еристи ҳәм ушырасыўдың 1-таймы усы есапта жуўмақланды.
Ойынның екинши бөлиминде Парагвай сайланды командасы қурамына жаңа күшлер киргизилип, олар тәрепинен жийи-жийи қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестирилди.
Усындай ҳүжимлердиң биринде қорғаўшымыз парагвайлы футболшыны қолы менен иркип қалды ҳәм ойын төрешиси VAR ды қайта көрип шығыўы нәтийжесинде, дәрўазамызға пенальти белгиледи. Бул белгиленген пенальтиди болса, Алан Ледесма 89-минутта анық әмелге асырып, арадағы есапты қысқартыўға еристи.
Буннан кейин де ойын оғада қызықлы даўам етти. Бирақ, дәрўазаларға буннан басқа гол урылмады ҳәм Өзбекстан сайланды командасы өзиниң дәслепки 3 упайын қолға киргизди.
Әҳмийетли тәрепи сонда, бул жәҳән чемпионатында Өзбекстан сайланды командасы қурамында қарақалпақстанлы Азиз Еримбетов, Нурбек Сәрсенбаев ҳәм Баҳадыр Избасқановлар бар ҳәм кешеги ойында Азиз Еримбетов тийкарғы қурамда ойынға түсип командамыздың жеңисине өзиниң салмақлы үлесин қосты.
Енди командамыз футболшылары 2-турды 8-ноябрь күни топар жетекшиси Ирландия сайланды командасына қарсы өткереди.
Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, биринши турда Ирландия Панаманы 4:1 есабында жеңип шығыўға миясар болды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы