Парламенлераралық ҳәм аймақлараралық байланысларды буннан былай да раўажландырыўдың әҳмийетлилиги атап өтилди

48

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Америка Қурама Штатлары Президенти Дональд Трамптың мирәт етиўине бола әмелий сапар менен Вашингтон қаласында болып тур.

Мәмлекетимиз басшысы Вашингтон қаласына сапары шеңберинде 5-ноябрь күни өзине ажыратылған резиденцияда АҚШ Конгреси Ўәкиллер палатасының ағзалары Билл Хайзенга, Кэрол Миллер ҳәм Сидни Камлагер-Давты қабыллады.

Өзбекстан менен АҚШ арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў, еки мәмлекет парламентлериниң әмелий бирге ислесиўин кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Нызам шығарыўшы уйымлар арасындағы байланыслар жедел раўажланып атырғаны, АҚШ Конгресинде Өзбекстан менен бирге ислесиў бойынша Кокус нәтийжели жумыс алып барып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Ҳәр жылы Ўәкиллер палатасында Кокус жәрдеминде еки тәреплеме қатнасықларды беккемлеўге хызмет етип атырған Өзбекстан күнлери өткерилип келинбекте.

Конгресс жоқары дәрежеде ерисилген, бәринен бурын, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды кеңейтиўге байланыслы келисимлерди әмелге асырыўға ҳәр тәреплеме жәрдемлесиўи әҳмийетли екени атап өтилди.

Аймақлараралық байланысларды кеңейтиў, конгрессменлер ўәкиллик етип атырған Батыс Виржиния, Мичиган ҳәм Калифорния штатлары менен әмелий бирге ислесиўди жолға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

Ушырасыў жуўмағында АҚШ Конгреси ўәкиллериниң Өзбекстанға сапарын шөлкемлестириў, сондай-ақ, еки мәмлекет аймақларының басшылары басшылығындағы исбилермен топарлар делегацияларының өз-ара сапарларын шөлкемлестириўге келисип алынды.

Буннан соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Вашингтон қаласына әмелий сапары шеңберинде өзине ажыратылған резиденцияда АҚШ Сенатындағы Орайлық Азия бойынша Кокусының жәрдемши баслығы, сенатор Стив Дэйнсти қабыллады.

Өзбекстан менен АҚШ арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы парламентлераралық байланысларға, атап айтқанда, Сенаттағы Орайлық Азия бойынша Кокус жумысына жоқары баҳа берди.

Еки тәреплеме бирге ислесиўде мисли көрилмеген жоқары дәрежеге ерисилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өз-ара саўда көрсеткишлери өспекте, АҚШтың жетекши компаниялары менен табыслы кооперация жойбарларының саны көбеймекте.

Кейинги айларда рекорд баҳадағы келисим ҳәм шәртнамаларға қол қойылды. Бул ретки сапар етиў даўамында жаңа экономикалық ҳүжжетлерге қол қойылыўы режелестирилген. АҚШ Конгреси бул келисимлердиң әмелге асырылыўын қоллап-қуўатлаўы әҳмийетли екени атап өтилди.

Сенатор Стив Дэйнс ўәкиллик етип атырған Монтана штаты менен жедел бирге ислесиўди даўам еттириўге айрықша итибар қаратылды. Мәмлекет исбилерменлери делегациясының Өзбекстанға сапарын шөлкемлестириў бойынша келисимге ерисилди.

Сондай-ақ, тәреплерди қызықтырған әҳмийетли халықаралық ҳәм регионаллық мәселелер бойынша пикир алысылды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Америка Қурама Штатларына әмелий сапары даўам етпекте.

ӨзА