Ташкент 2026-жылда Азияның саяхат ушын ең жақсы мәнзиллери дизимине киргизилди

Өзбекстан Туризм комитетиниң хабар бериўинше, Ташкент “Condé Nast Traveler” халықаралық туристлик журналы тәрепинен “2026-жылы Азияда саяхат етиў ушын ең жақсы орынлар” дизиминен орын алды.
Журнал тәрепинен жәрияланған рейтингте атап өтилиўинше, қала өзиниң тарийхы ҳәм заманагөйлигиниң сийрек ушырасатуғын үйлесими менен туристлерди өзине тартады. Бул жерде әййемги медреселер ҳәм базарлар жаңа мәдений майданлар менен бирге жайласқан ҳәм саяхатшылар ушын өзине тән орталық жаратады.
Басылымда Ташкент Орайлық Азияның мәдений туризм орайына айланып атырғаны да атап өтилген. Жаңа “Ислам цивилизациясы орайы” комплекси ҳәм “Заманагөй көркем өнер орайы” галереясының ашылыўы қаланы ҳәм әййемги дәстүрлер, ҳәм заманагөй көркем турмыс пенен танысыў имканиятын жарататуғын орынға айландырады.
Бүгинги күнде Ташкент туристлерди Өзбекстанның гөззал орынларына бағдарлайтуғын басланғыш ноқат сыпатында ғана емес, ал өз алдына туристлик бағдар сыпатында да тартпақта.
Қала бай мәдений бағдарлама ҳәм Орайлық Азия пайтахтының өзине тән орталығын усынып, жаңа тәсирлер ҳәм әдеттегидей емес саяхатларды излейтуғынлар ушын әлбетте барып көриў керек болған мәнзилге айланады, делинеди хабарда.
ӨзА