ЮНЕСКО Бас директоры Одри Азулениң хызметлери тән алынды

Самарқандта даўам етип атырған ЮНЕСКО Бас конференциясы 43-сессиясының бүгин өткерилген оныншы мәжилисинде ўәкиллиги жуўмақланып атырған шөлкемниң Бас директоры Одри Азуле ханым өзиниң хошласыў сөзин шығып сөйледи.
2017-жылдан берли ЮНЕСКО Бас директоры сыпатында жумыс алып барған Одри Азуле ханым өткен сегиз жыл даўамында шөлкем мақсетлеринен келип шығып, дүньяда билимлендириў, илим ҳәм мәдениятты раўажландырыў, дүнья халықларының тарийхы, мәденияты, дәстүрлери менен қәдириятларын қәстерлеп сақлаў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылғаны ҳәм буның ушын ЮНЕСКО штаб-квартирасы ҳәм шөлкемге ағза мәмлекетлердиң ўәкиллерине миннетдаршылық билдирди.
– Биз дүньядағы бүгинги қыйын шараятта ЮНЕСКОның тийкарғы мақсет ҳәм қәдириятларына садықлық пенен планетамыздың барлық континентлериндеги халықлардың турмысын және де жақсылаў, олардың мүнәсип шараятта билим алыўы, гендер теңликти тәмийинлеў, жасалма интеллекттен пайдаланыў, мәденият ҳәм көркем өнерден заўықланыўы ушын аянбай мийнет еттик, жаңа жойбарлар, бағдарламаларды әмелге асырдық, – деди ЮНЕСКОның Бас директоры Одри Азуле ханым. – Соның ишинде, 89 мәмлекетке ҳаял-қызлардың билимлендириўдеги қатнасыўын қоллап-қуўатлаўға жәрдемлестик, 44 мәмлекетте гендер мәселесин қамтып алған билимлендириў бағдарламалары турмысқа енгизилди, жынысый теңликке ерисилди. Жоқары билимлендириўде ҳаял-қызлардың қамтып алыныўы кейинги 30 жылда үш есеге көбейди. Ең әҳмийетлиси, бүгин дүньяның көпшилик раўажланған мәмлекетлери билимлендириў, мәденият ҳәм мәдений индустрия экономикалық раўажланыўдың тийкары екенин тән алды ҳәм соған сәйкес түрде сиясат алып бармақта. ЮНЕСКО бәрқулла күшли, өз позициясына ийе болған ҳәм буннан кейин де сондай абырайлы халықаралық шөлкем болып қалатуғынына исенемен.












Одри Азуле ханым өзиниң шығып сөйлеген сөзинде ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясын Өзбекстанда өткериў басламасын билдиргени ҳәм бул илажды жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ушын Президент Шавкат Мирзиёевқа миннетдаршылық билдирди. Дерлик бир ҳәптеден берли әййемги Самарқандта Бас конференция сессиясы шеңберинде өткерилип атырған мәдений илажлар, көргизбе ҳәм концерт бағдарламалары дүньяның 5 континентиндеги 180 нен аслам мәмлекеттен келген ўәкиллер, абырайлы мийманлар ушын умытылмас тәсирлер қалдырып атырғанын айрықша атап өтти.
Мәжилисте ЮНЕСКОға ағза мәмлекетлердиң ўәкиллери Одри Азулениң еки мүддет шөлкемге басшылық етип, дүнья халықларының мәплери жолында әмелге асырған ҳәрекетлери, қызғын жумысын атап өтип, оған миннетдаршылық билдирди. Сондай-ақ, Франция Президенти Эммануел Макрон ЮНЕСКО Бас директорына видеомүрәжат жоллап, оның нәтийжели жумысын айрықша атап өтти ҳәм Франция халқы атынан миннетдаршылық билдирди.
ӨзА