Шымбай ҳәм Қоңырат районларында инвестициялар, экспорт, туризм тараўларында әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилиги үйренилди

46

Алдын хабар бергенимиздей, Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитети тәрепинен Қарақалпақстан Республикасында сырт ел инвестициялары ҳәм грантларын тартыў, экспорт көлемин арттырыў, туризм потенциалын раўажландырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўға қаратылған жумыслар үйренилди.

Усы жылдың 4-ноябрь күни Сенат комитетиниң баслығы А.Аъзамхўжаев тәрепинен Қарақалпақстан Инвестициялар, саўда ҳәм санаат министри В.Жоллыбеков, Шымбай районы ҳәкими А.Тажетдинов, Қоңырат районы ҳәкиминиң орынбасары Ф.Абдумажидовтың қатнасыўында аймаққа сырт ел инвестицияларын ҳәм туристлерди тартыў, экспорт географиясын диверсификациялаў, сыртқы экономикалық байланысларды кеңейтиў мәселелери додаланды.

Сондай-ақ, халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң депутатлары ҳәм исбилерменлер тәрепинен бул бағдарда әмелге асырылыўы керек болған ўазыйпалар ҳәм басламалар ҳаққында пикир жүргизилди.

Соның ишинде, халық ҳәм исбилерменлерди тәшўишке салып атырған инфраструктура, энергетика, суў тәмийнаты, лицензиялаў бойынша машқалаларды унамлы шешиў және усы аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыў стратегиясын ислеп шығыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, санаат, мәлимлеме технологиялары, өндирис тараўларының перспективалары бойынша әмелий усыныслар ислеп шығылды, – деп мәлимлеме береди senat.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги