Әскерлер спорт қәнигелеринен сабақ алмақта

78

Мәмлекетимизде миллий армиямызды жаңа басқышқа алып шығыў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар нәтийжесинде кейинги жылларда системада жумыс алып барып атырған хызметкерлер ушын зәрүр шараятлар жаратылмақта.

Бизге белгили, Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери академиясы негизинде Әскерий қәўипсизлик ҳәм қорғаныў университети шөлкемлестирилди. Қурғақлықтағы әскерлер, Әскерий авиация, Әскерий медицина және Мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм байланыс әскерий институтлары университет қарамағындағы жоқары әскерий билимлендириў мәкемелери сыпатында өз жумысын жаңадан баслаўы миллий армиямызда әмелге асырылған ең әҳмийетли реформалардан бири болды.

Бул жоқары әскерий билимлендириў мәкемелериниң питкериўшилери енди еки системада – әскерий ҳәм пуқаралық бағдары дипломларына ийе болады. Бул менен Ўатан қорғаўшыларының пенсияға шыққанынан кейин жәмийетимиздиң басқа тараўларында нәтийжели жумыс алып барыўы, мәмлекетимиздиң социаллық-экономикалық раўажланыўына үлес қосыў имканияты кепилленеди.

Және бир итибарлы тәрепи, Қорғаныў министрлиги ҳәм бир қатар жеке гүрес спорт түрлери федерациялары арасында бирге ислесиў меморандумларына қол қойылып, бул ҳүжжетке бола, болажақ офицерлер ҳәм жоқары әскерий билимлендириў мәкемелеринде хызмет ўазыйпасын өтеп атырған сержантлар ушын спорт шеберлигине талабан ямаса спорт шебери дәрежесин алыў ушын зәрүр шараятлар жаратылады. Әмелге асырылған бул ҳәрекет себепли бокс, өзбек жаўынгерлик өнери, таэквонда, қылышласыў, қол урысы, карате федерацияларының тәжирийбели тренерлери Өзбекстан Республикасы Әскерий қәўипсизлик ҳәм қорғаныў университетинде өз жумысын баслап жиберди.

Тараў қәнигеси подполковник Давлат Ваҳобовтың атап өтиўинше, сержант ямаса болажақ офицердиң спорт дәрежесин алыўы әскерлерде жаўынгерлик таярлықты және де арттырыўдың әҳмийетли факторы болып хызмет етеди.

Сондай-ақ, Әскерий қәўипсизлик ҳәм қорғаныў университети спорт кафедрасында Өзбекстанда хызмет көрсеткен спорт шебери, өзбек жаўынгерлик өнери спорт нызам-қағыйдаларының авторы Пўлат Усмонов, спорт шеберлери Алишер Содиқов, Шерполат Усмонов, Гулнора Бекмурадова сыяқлы өз кәсибиниң шеберлери үзликсиз шынығыўлар алып бармақта.

Курсантлар ҳәм сержантлардың еки ай даўамында тәжирийбели тренерлерден алған көнликпелериниң көргизбеси өткерилди. Көргизбели шынығыўлар процесинде Қорғаныў министрлигиниң жуўапкер офицерлери, тараў қәнигелери еки ай даўамында әмелге асырылған жумыслардың жуўмағын таллады. Спорт тренерлери ҳәм қәнигелер арасында әмелий ҳәм теориялық шынығыўлардың мазмунын және де байытыў принциплери бойынша пикир-усыныслар алға қойылды.

Т.Рўзиев, ӨзА