Қарақалпақстанда Жаслар социаллық-экономикалық орайы қурылады

“Қарақалпақстан Республикасында тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў есабынан Жаслар социаллық-экономикалық орайын қурыў илажлары ҳаққында”ғы Президент қарары (ПҚ-332-санлы, 03.11.2025 ж.) қабыл етилди. Бул ҳаққында “Ҳуқуқий ахборот” Телеграм-каналы хабар берди.
Онда айтылыўынша, бул қарарға бола, Хожели районында Жаслар социаллық-экономикалық орайы шөлкемлестириледи.
Орай аймағында IT университет, стартаплар технопарки ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў инновациялық топарлары, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған өндирис кәрханаларының жумысы жолға қойылады.
Сондай-ақ, қурып пайдаланыўға тапсырылған социаллық тараў объектлери Инвестор тәрепинен тийисли мәмлекетлик уйымлардың қарамағына бийпул өткерип бериледи.
Буннан тысқары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында мәмлекетлик мәкеме түринде Жаслар социаллық-экономикалық орайының дирекциясы шөлкемлестириледи, – де мәлимлеме береди xs.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги