Берунийли жас тигиўши турақ жайлы болды

54

Берунийли Сапаргүл Йўлдашева бүгин районның ең бахытлы жасларының бирине айланды.

Президентимиздиң аталарша ғамхорлығы нәтийжесинде оған Социаллық қорғаў миллий агентлиги тәрепинен барлық заманагөй қолайлықларға ийе бир ханалы турақ жай тапсырылды.

Кәсип-өнер мектебинде тигиўшилик сырларын үйренип, өз мийнети менен дәрамат таба баслаған Сапаргүлдиң қуўанышы шексиз. Ол жаңа үйде жаңа өмир баслады.

Оның әрманлары да үлкен. Ол өнериниң артынан өзиниң тигиўшилик цехын ашып, келешекте өз брендин жаратыўды мақсет еткен.

Қарақалпақстан хабар агентлиги