Студентлер айрықша жағдайларда қандай ҳәрекет етиў бойынша билим ҳәм көнликпеге ийе болды

47

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде студентлердиң қәўипсизлик мәдениятын арттырыў, айрықша жағдайларда дурыс ҳәрекет етиў көнликпелерин қәлиплестириў мақсетинде университет басшылары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы менен биргеликте “Ағартыўшылық сабағы” өткерилди.

Илажда шығып сөйлегенлер оқыў орынларында турақлы түрде усындай оқыў шынығыўларын шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди. Себеби, айрықша жағдайлар тәбийғый, техноген ямаса инсан тәсири себепли жүзеге келетуғын жағдай болып, адамлар турмысы ҳәм денсаўлығына, қоршаған орталыққа, экономикаға үлкен қәўип туўдырады. Бундай жағдайларда дурыс ҳәрекет етиў, биринши жәрдем көрсетиў ҳәм қәўипсизлик илажларына әмел етиў инсан өмирин сақлап қалыўда үлкен әҳмийетке ийе. Сол себепли айрықша жағдайларға таярлық көриў, зәрүрли билим ҳәм көнликпелерге ийе болыў ҳәр бир пуқараның ўазыйпасы.

– Жаслар арасында руўхый-ағартыўшылық жумыслар менен бир қатарда, олардың өмир қәўипсизлигин тәмийинлеў, сергеклик ҳәм қырағылық руўхында тәрбиялаў әҳмийетли, – дейди университеттиң жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша проректоры С.Алаўатдинов. – Сондай-ақ, бундай сабақлар тек ғана теориялық билим бериў емес, ал әмелий таярлықты беккемлеўге хызмет етеди.

Илаж даўамында Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасының тәжирийбели хызметкерлери айрықша жағдайлардың алдын алыў бойынша профилактикалық баянатлар оқыды. Қәнигелер турмыста ушырасыўы мүмкин болған қәўипли жағдайлар ҳаққында толық түсиник берип, олардың ақыбетлерин азайтыў ҳәм дурыс ҳәрекет етиў усылларын көрсетип өтти.

Сондай-ақ, илаж шеңберинде кең көлемли арнаўлы тактикалық оқыў шынығыўы өткерилди. Онда студентлерге өрт жүз бергенде имараттан эвакуациялаў, жәбирленгенлерге биринши медициналық жәрдем көрсетиў, қәўипсиз орынға шығыў тәртиплери әмелий тәризде көрсетилди. Оқыў шынығыўында қатнасқан студентлер өзлериниң билим ҳәм көнликпелерин сынақтан өткериў имканиятына ийе болды.

– Бүгинги илажда биринши медициналық жәрдем көрсетиў бойынша әмелий көнликпеге ийе болдым, – дейди студент З.Нуржанов. – Жарақат алғанларға тез жәрдем бериў, жүрек услағанда ҳәм дем алыў тоқтағанда қандай ҳәрекет етиў кереклиги бойынша түсиниклер берилди.

Илаж соңында Айрықша жағдайлар басқармасы хызметкерлери студентлердиң сораўларына жуўап берип, қәўипсизлик қағыйдаларына байланыслы буклетлер ҳәм еслетпелер тарқатылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги