Әсирлик арзыўлардың салтанаты

57

Елимизде миллий қәдириятларымыз, ата-бабаларымыздан мийрас дәстүрлерге берилип атырған айрықша итибар нәтийжесинде тек ғана мәденият ҳәм көркем өнер бағдарында емес, ал денетәрбия ҳәм спорт, халық ойынлары системасында миллий байлықларымызды қәстерлеп-сақлаў, олардың халықаралық раўажланыўына жаңаша руўх бағышлаў жолында системалы жумыслар әмелге асырылды.

Қысқа ўақытта халқымыздың өнерментшилик дәстүрлери, миллий ойынлары өзиниң тартымлылығын жәҳән майданларында және де айқын көрсетиўи ушын зәрүр шараятлар жаратылды.

Буннан 10-15 жыллар алдын миллий спортымыз гүрестиң Азия ойынлары қурамына киргизилиўи мәселеси тек әрман еди.

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен 2017-жылдан миллий спортымыз гүрести халықаралық майданда буннан былай да раўажландырыў, абырайлы комплексли спорт ойынлары системасына киргизиў бағдарында қабыл етилген бир қатар қарар ҳәм көрсетпелери тийкарында гүрес Азия ойынлары, “Азия балалары”, Ислам тилеклеслиги ойынлары системасына киргизилгени, бул әсирлик арзыў-нийетлеримиздиң әмелге асып атырғанының айқын көриниси болмақта.

Усы жылдың 6-21-ноябрь күнлери Саудия Арабстаны пайтахты Ар-Риёд қаласында Ислам мәмлекетлериниң ең ири спорт форумы VI Ислам тилеклеслиги ойынлары болып өтеди.

Бул ойынлар системасына гүрес спорт түри биринши мәрте көргизбели жарыс сыпатында киргизилгени тарийхый ўақыя.

Айтып өтиў керек, 50 ден аслам мәмлекет ўәкиллери қатнасатуғын Ислам тилеклеслиги ойынларының гүрес жарысларында ер адамлар  -66,  -81 килограммда, ҳаял-қызлар -57 ҳәм -70 килограмм салмақта беллеседи.

Абырайлы спорт ойынларында гүрес бойынша Өзбекстан сайланды командасының бас тренери Ризамат Солиевтиң басшылығындағы 4 спортшымыз елимиздиң абырайын қорғайды.

Гүресшилеримизден Руслан Бўриев, Умид Эсанов, Фотима Қодирова ҳәм Шоҳиста Назарова Ислам тилеклеслиги ойынларында гүрестиң тартымлылығын көрсетеди.

Еслетип өтемиз, Ислам тилеклеслиги ойынларының гүрес жарыслары ертең, 6-ноябрь күни өткериледи. Ойынлардың рәсмий ашылыў мәресими болса 7-ноябрь күни шөлкемлестириледи.

Т.Рўзиев, ӨзА