АНСО Бас ассамблеясы: Өзбекстан Илимлер академиясы басшылығы қурамында

152

Пекин қаласында болып өткен “Халықаралық илимий шөлкемлер альянсы” (АНСО) ның IV Бас ассамблеясында Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы усы шөлкемниң жоқары басқарыў уйымы – Басқарыў кеңеси қурамына сайланды.

Бул қарар Өзбекстан илиминиң халықаралық көлемдеги абырайы ҳәм илимий бирге ислесиўдеги белсене қатнасына берилген жоқары тән алыў сыпатында баҳаланбақта. Бул халықаралық таңлаў мәмлекетимиздиң турақлы раўажланыў, илимий билим алмасыў ҳәм жас изертлеўшилерди қоллап-қуўатлаў бағдарындағы басламаларына болған исенимди билдиреди.

Сайлаў нәтийжелери жәрияланғаннан соң, Өзбекстан Илимлер академиясының вице-президенти, профессор Сирожиддин Мирзаев шөлкем ағзаларына билдирген исеними ушын миннетдаршылық билдирди.

Оның атап өтиўинше, Өзбекстан келешекте де Азия ҳәм басқа да регионларда илимий бирге ислесиўди беккемлеў, илимди раўажландырыў ҳәм турақлы келешек жолында илимий-технологиялық бирге ислесиўди тереңлестириў жолында белсене үлес қосады.

Ҳамроз Баянов,

ӨзА