Харбинде халықаралық шахмат турнири басланбақта
52

Бүгин, 5-ноябрь күни Қытай Халық Республикасының Харбин қаласында Шанхай Бирге ислесиў Шөлкемине ағза мәмлекетлердиң шахмат командалары арасында VII халықаралық турнир басланбақта.
Бул абырайлы жарыста 10 мәмлекеттен 12 команда қатнаспақта. Ҳәр бир команда қурамы 4 (3 ер адам ҳәм 1 ҳаял) спортшыдан ибарат.
Харбинде болып өтетуғын халықаралық турнирде Өзбекстан командасының абырайын шебер жас шахматшыларымыз Баҳром Бахриллаев, Муҳаммадали Абдураҳмонов, Асроржон Омонов ҳәм Нилуфар Имомқўзиева қорғайды.
Т.Рўзиев,
ӨзА