ЮНЕСКО менен биргеликте Ҳаял-қызлар академиясын шөлкемлестириў мәселеси додаланды

55

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Зулайҳо Маҳкамова Самарқандта болып өткен “Көп тәреплеме бирге ислесиў арқалы гендер теңлигин раўажландырыў” атамасындағы илаж шеңберинде ЮНЕСКОның Гендер теңлиги бөлиминиң директоры Бегонья Ласагабастер менен ушырасыў өткерди.

Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм ЮНЕСКО арасында ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, гендер теңликти тәмийинлеў ҳәм ҳаял-қызлардың социаллық-экономикалық белсендилигин арттырыў бағдарындағы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў мәселелери додаланды.

Ушырасыўдың тийкарғы темасы Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясында алға қойған әҳмийетли басламасы – Ҳаял-қызлар жетекшилиги бойынша ЮНЕСКО Академиясын шөлкемлестириў идеясы болды.

Ушырасыўда усы Академияны шөлкемлестириў концепциясы, оның халықаралық платформа сыпатында жумыс алып барыў имканиятлары ҳәм бул бағдардағы биргеликтеги бағдарламаларды әмелге асырыў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

Сондай-ақ, ҳаял-қызлардың билимлендириў, илим, мәденият ҳәм санлы технологиялар тараўындағы қатнасын кеңейтиў, олардың жетекшилик потенциалын арттырыў ҳәм алдынғы тәжирийбелерди енгизиў бойынша әмелий бағдарлар белгилеп алынды.

Ушырасыў дослық ҳәм конструктивлик руўхта өтип, Өзбекстан ҳәм ЮНЕСКО арасындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў, соның ишинде, “Ҳаял-қызлар академиясы” басламасын әмелге асырыў бойынша өз-ара келисимлерге тийкар жаратты.

 

Н.Усмонова,  

ӨзА