Салық сиясаты ҳәм жасалма интеллект технологияларын қолланыў тәжирийбеси үйренилмекте

Таў-кән санааты ҳәм геология тараўында халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў, алдынғы тәжирийбелерди енгизиў және минерал ресурсларды басқарыўда ашық-айдынлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў бағдарында избе-из жумыслар әмелге асырылмақта.
Усы шеңберде Таў-кән санааты ҳәм геология министрлигинде Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеми (OECD) делегациясы менен ушырасыў болып өтти.
Сөйлесиў ўақтында тәреплер алдынғы ушырасыўлардың нәтийжелилигин атап өтип, биргеликтеги басламаларды әмелге асырыўдағы унамлы нәтийжелерди атап өтти.
Сондай-ақ, усы жылы 6-ноябрь күни Ташкент қаласында болып өтетуғын OECD илажы – “Орайлық Азияда әҳмийетли минералларды басқарыўда қәўипсизлик ҳәм ашық-айдынлықты арттырыў” темасындағы семинардың әҳмийети ҳаққында мағлыўмат берилди.
Ушырасыўда OECDтың жуўапкерли бизнес принциплерин енгизиў, қоршаған орталық бойынша қәўип-қәтерлерди басқарыў, салық сиясаты ҳәм жасалма интеллект технологияларын қолланыў бойынша тәжирийбеси Өзбекстан ушын айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди. Соның менен бирге, усы бағдарлардағы бирге ислесиўди және де кеңейтиў перспективалары додаланды.
Н.Зиёдуллаева,
ӨзА