Сийрек ушырасатуғын ҳәм басқа нәсиллик-генетикалық кеселликлерге шатылған балаларға жәрдем көрсетиледи

70

“2026-2030-жылларда сийрек ушырасатуғын (орфан) ҳәм басқа да нәсиллик-генетикалық кеселликлерге шатылған балаларға медициналық ҳәм социаллық жәрдем көрсетиўди шөлкемлестириў бойынша илажлар бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында”ғы Президент қарары (ПҚ-331-санлы, 03.11.2025-ж.) қабыл етилди. Бул ҳаққында “Ҳуқуқий ахборот” Телеграм-каналы мәлим етти.

Онда айтылыўынша, бул қарарға бола, 2026-2030-жылларда сийрек ушырасатуғын (орфан) ҳәм басқа да нәсиллик-генетикалық кеселликлерди емлеў ҳәм алдын алыўдың тийкарғы мақсетлери етип төмендегилер белгиленген, соның ишинде:

Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан бийпул емленетуғын сийрек ушырасатуғын (орфан) ҳәм басқа да нәсиллик-генетикалық кеселликлер түрин 5 тен 10 ға жеткериў;

  • усы кеселликлерге шалынған балалардың дәри-дәрмақлар, арнаўлы азық-аўқатлар ҳәм медициналық үскенелер менен тәмийинлениў дәрежесин 95 проценттен 99 процентке жеткериў;
  • сийрек ушырасатуғын (орфан) ҳәм басқа нәсиллик-генетикалық кеселликлерге шалынған балалардың саламатлығын қорғаў ҳәм тиклеў.

Сондай-ақ, 2026-жыл 1-январьдан усы түрдеги кеселликлерге шалынған 18 жастан 21 жасқа шекемги наўқаслар бийпул медициналық бақлаўда болады ҳәм емлеў жумыслары даўам еттириледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги