«UniSat 3.0”  бағдарламасы нәтийжелери жәрияланды (+Видео)

52

Бүгин Өзбекстанда жүзлеген қызлар илим ҳәм технологиялар әлемине күш-ғайрат пенен кирип келмекте.

ЮНИСЕФ, Tech4Impact мәмлекетлик емес шөлкеми ҳәм Санлы технологиялар министрлиги жанындағы Космослық изертлеўлер агентлиги менен биргеликте әмелге асырылып атырған UniSat бағдарламасы оларға арзыў-нийетлерин әмелде сынап көриў, илимий тәжирийбе өткериў ҳәм жасалма жолдас ушырыў имканиятын бермекте.

2021-жылдан берли мыңнан аслам қызлар STEM (илим, технология, инженерлик ҳәм математика) тараўларында билим алып, өз қәбилетин көрсетти. Быйылғы бағдарлама да илҳамландырыўшы жойбарлар ҳәм тарийхый жетискенликлер менен есте қалды.

“Өзбеккосмос” агентлиги бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте Қарақалпақстан Республикасында «UniSat 3.0”  жойбарын әмелге асырды. Бул бағдарламада 14 жастан 25 жасқа шекемги 845 қыз қатнасты. Олар өзлери соққан наножасалма жолдасларды стратосфераға шекем ушырыўға еристи.

Ташкентте жойбар нәтийжелерин жәриялаў ҳәм жеңимпазларды сыйлықлаў мәресими болып өтти. Онда жас инженер қызлар өз қоллары менен соққан наножасалма жолдаслар менен қатнасты.

ЮНИСЕФ шөлкеми менен биргеликте әмелге асырылған бул жойбар шеңберинде қатнасыўшылар үш ай даўамында теориялық ҳәм әмелий билимлерге ийе болды. Оқыў процесинде топлаған тәжирийбелери тийкарында олар таярлаған жасалма жолдас модельлерин Қарақалпақстан Республикасында космосқа ушырды.

Быйыл қызлар еки 3U CubeSat наножасалма жолдасларын стратосфераға ушырды. Итибарға ылайық, UniSat бағдарламасы тарийхында биринши мәрте жасалма жолдаслар 27 километр бийикликке шекем көтерилди. Биологиялық ҳәр түрлилик бойынша қәнигелер менен биргеликте қызлар биологиялық тәжирийбелер өткерип, температура, басым ҳәм нурланыўдың биологиялық өзгерислерге тәсирин бақлады.

Илаж даўамында UniSat бағдарламасының дәслепки питкериўшилериниң табыслары ҳаққында айтып берилди. Сондай-ақ, өзбекстанлы қызлар ушын STEM тараўындағы кәсип имканиятларын кеңейтиў бойынша усыныслар өткерилди. Мәресим соңында барлық қатнасыўшыларға сертификатлар тапсырылды.

Н.Раҳмонова, ӨзА

Н.Абдувоитов (видео), У.Тўхтаев (монтаж)