Гүзги шүдигар – мол зүрәәттиң тийкары

56

Кегейли районы Абат аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы “Кегейли Ақ Алтын Агро Кластер”  жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң егислик майданларында аўыл хожалығы тараўы ушын әҳмийетли болған гүзги шүдигарлаў темасына бағышланған көргизбели-әмелий семинар шөлкемлестирилди.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф. Эрманов, Нөкис, Кегейли, Бозатаў, Қараөзек ҳәм Тахтакөпир районларының ҳәкимлери, тараў жуўапкерлери, алдыңғы фермерлер ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф. Эрманов быйылғы жылы пахтадан мол өним жетистирип, белгиленген режени артығы менен орынлаған район пахташылық кластерлери ҳәм фермерлерге миннетдаршылық билдирип, жерди өз ўақтында ҳәм сапалы шүдигарлаў, келеси жылы мол зүрәәт алыўдың тийкары екенлигин атап өтти. Сондай-ақ, илажда Министрлер Кеңесиниң Баслығы тәрепинен гүзги шүдигарлаў жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў, жерлерди бәҳәрги егинлерге таярлаў, ағын суў ҳәм техникалық ресурслардан ақылға муўапық пайдаланыў ҳәм топырақтың өнимдарлығын арттырыў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилди.

Илаж даўамында Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы бойынша орынбасары Шуҳрат Тешаев ҳәм бир қатар район ҳәкимлери сөз сөйлеп, гүзги шүдигарлаў жумысларын белгиленген мүддетлерде ҳәм агротехникалық талаплар тийкарында сапалы әмелге асырыўдың утымлы усыллары ҳаққында өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

– Өткерилген бул семинар тек ғана әмелий тәжирийбе алмасыў емес, ал дийқан ҳәм фермерлер ушын келеси мәўсимге пуқта таярлық көриў, жер өнимдарлығын арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе болды, – дейди Шымбай районы ҳәкиминиң орынбасары Ислам Қайыпназаров.

Өткерилген семинарға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң аграр, суў хожалығы, тәбиятты қорғаў ҳәм экология мәселелери комитетиниң баслығы А. Жуманазаров қатнасты.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы