Ташкенттеги еки техникумда Қытай-Өзбекстан устаханалары ашылды

Ҳәр бир жас ушын өмирдеги ең үлкен имканият – билим алыў имканияты. Әсиресе, бул билим заманагөй технологиялар менен байланыслы болса, оның баҳасы еки есеге артып барады.
Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университетинде өз жумысын баслаған “Өзбекстан – Қытай” Екинши билимлендириў форумы жасларға алдынғы тәжирийбе ҳәм инновациялық билим есигин ашпақта.

Форум шеңберинде Инновацияларды енгизиў ҳәм технологиялар трансфери миллий офиси ҳәм Қытайдың ArkInno Hub (Shenzhen) Industrial Operation Co. Ltd. компаниясы арасында бирге ислесиў меморандумына қол қойылды. Бул келисим жоқары билимлендириў мәкемелери, илимий-изертлеў институтлары, технопарклер ҳәм исбилерменлик субъектлери арасында инновациялық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған.

Сондай-ақ, Өзбекстанның бир қатар профессионал билимлендириў мәкемелери ҳәм Қытайдың алдынғы билимлендириў ҳәм санаат шөлкемлери арасында да меморандумларға қол қойылды. Олар шеңберинде оқытыўшы ҳәм студентлер алмасыўы, қоспа оқыў жойбарлары, Қытай тәжирийбесине тийкарланған оқыў бағдарламаларын енгизиў ҳәм стартап басламаларын қоллап-қуўатлаў режелестирилген.

Форум қатнасыўшылары ушын университет ҳәм техникумларға сапарлар да шөлкемлестирилди. Сапар даўамында мийманлар билимлендириў мәкемелериниң оқыў процесслери, материаллық-техникалық базасы ҳәм халықаралық бирге ислесиў бағдарлары менен жақыннан танысты.
Ушырасыўлар нәтийжесинде Ташкент транспорт техникумында “Қытай-Өзбекстан телекоммуникациялар санааты устаханасы,” сондай-ақ, Шайхонтоҳур политехникумында “Қытай-Өзбекстан жаңа энергия қураллары устаханасы” ашылды.

Бул устаханалар телекоммуникациялар, жасыл энергия технологиялары, электротехника ҳәм энергияны үнемлейтуғын механизмлер бағдарында орта буўын маман қәнигелерди таярлаўға хызмет етеди.
Нигора Раҳмонова, ӨзА