Мийнет кодексине илимий-әмелий түсиндирме жәрияланды

55

Жумыс бериўши ҳәм хызметкер арасындағы мийнет қатнасықларының ҳуқықый тийкарларын билиў ҳәмме ушын әҳмийетли есапланады.

2022-жыл 28-октябрьде қабыл етилген Мийнет кодексинде белгиленген қағыйда ҳәм нормаларды әмелде қолланыў оларды кеңнен түсиндириў, үгит-нәсиятлаўды талап етеди.

Усы мақсетте 3 томнан ибарат “Өзбекстан Республикасының Мийнет кодексине илимий-әмелий түсиндирме” китабы әмелдеги мийнет нызамшылығы тийкарында таярланды.

Китап бәнтлик тараўы қәнигелери, түрли шөлкемлердиң басшы ҳәм кадрлар менен ислесиў бөлиминиң жуўапкер хызметкерлери, ҳуқық бағдарындағы бакалавриат, магистратура, техникум студент ҳәм оқыўшылары және изертлеўшилер, профессор-оқытыўшылар, сондай-ақ, кең китапқумарлар топарына мөлшерленген.

ӨзА