Жасалма интеллект медицинаны жаңа басқышқа алып шықпақта

Соңғы жыллары медицина тараўына санлы технологияларды енгизиў, соның ишинде, жасалма интеллект имканиятларынан пайдаланыў бағдарында үлкен илгерилеў бақланбақта. Бул тек ғана диагноз ҳәм емлеўдиң сапасын арттырыў емес, ал медициналық хызметлерди халыққа және де жақынластырыўға хызмет етпекте.
Усы жылы республикалық медицина орайларының жумысында 179 жаңа диагноз қойыў ҳәм 199 заманагөй емлеў усылы әмелиятқа енгизилди. Олар арасында баўыр ҳәм бөтекениң аз инвазив усылдағы трансплантациясы, жүрек кардиомиотомияларында жасалма шеп қарынша (LVAD) орнатыў, омыртқа бағанасы диск грижасын алыўдың аз инвазив хирургиялық усылы, сүйек кемигиниң трансплантациясы ҳәм эпилепсияда мийге чип орнатыў әмелияты сыяқлы сийрек ушырасатуғын процесслер бар.
Бундай алдынғы технологиялар тек ғана қыйын кеселликлерди емлеў имканиятын арттырып қоймастан, ал операциядан кейинги тиклениў процесин де тезлестирмекте.
Республикалық қәнигелестирилген медицина орайларының аймақлық филиалларында 379 түрдеги сийрек ушырасатуғын ҳәм қурамалы операциялардың енгизилгени халық ушын үлкен қолайлық жаратты. Соның нәтийжесинде бурын тек ғана пайтахтта әмелге асырылған көплеген әмелиятлар енди орынларда да өткерилмекте.
Сол себепли орынлардағы наўқаслардың республикалық орайларға мүрәжатлары 80 проценттен дерлик 15 процентке азайған. Бул болса медициналық хызметтиң нәтийжелилиги артқанын көрсетеди.
Быйыл биринши мәрте мәмлекетлик медицина мәкемелеринде робот технологиялары әмелиятқа енгизилди.
Атап айтқанда, Республикалық қәнигелестирилген урология илимий-әмелий орайы ҳәм Миллий медицина орайында роботлардан диагностика, емлеў, хирургиялық әмелиятларда нәтийжели пайдаланылмақта.
Тараўды санластырыў процеси жедел түс алмақта. Ҳәзирги ўақытта жасалма интеллект тийкарында орынланып атырған тексериў ҳәм емлеў түрлери 43 ке жетти.
Усы жылы жумыс баслаған Миллий неврология ҳәм нейрореабилитация медицина орайы да алдынғы санлы технологияларға тийкарланған. Бул орайда неврологиялық кеселликлер диагностикасы ҳәм реабилитация процесслеринде жасалма интеллект жәрдеминдеги системалар қолланылмақта.
Келешекте жасалма интеллекттен төмендеги бағдарларда және де кеңирек пайдаланыў режелестирилген:
– МРТ, КТ ҳәм рентген сүўретлерин автоматикалық анализлеўди және де жетилистириў;
– Виртуал симуляция арқалы хирургиялық әмелиятларды таярлық процесинде қолланыў;
– Гибрид хирургиялық әмелиятлардың көлемин кеңейтиў.
Медицина тараўында жасалма интеллект ҳәм санлы технологиялардың енгизилиўи – бул тек ғана техникалық жаңалық емес, ал денсаўлықты сақлаў системасын нәтийжели, ашық-айдын ҳәм инсаныйлыққа хызмет ететуғын стратегиялық бағдар. Елимизде әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде медицина тараўы инновацияларға тийкарланған жаңа модельге айланып бармақта.
Дилдора ДЎСМАТОВА,
ӨзАның хабаршысы