Аўыл хожалығы егинлерин суўықтан қалай қорғаў мүмкин?

42

Ҳәзирги күнлерде ҳаўа-райы температурасының кескин төменлеп, суўық түсиўи бақланбақта. Суўықтың аўыл хожалығы егинлерине унамсыз тәсирин азайтыў мақсетинде Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм оның системасындағы илимий-изертлеў институтларының илимпазлары тәрепинен тоқсанбасты усылындағы пияз ҳәм басқа да егинлерди суўықтан қорғаў бойынша усыныслар ислеп шығылды.

Атап өтилиўинше, бул усыныслар өз ўақтында дийқан ҳәм фермерлерге де жеткерилген. Сондай-ақ, тәжирийбели дийқан ҳәм фермерлер көп жыллық әмелиятларына сүйенген ҳалда егинлерди суўықтан сақлаў бойынша зәрүр илажларды көрмекте. Бул процессте егинлердиң суўыққа шыдамлылығына қарап оларды дурыс тәрбиялаў үлкен әҳмийетке ийе.

Овощ егинлерин суўыққа шыдамлылығына қарай төмендеги топарларға бөлиў мүмкин:

Суўыққа шыдамлы ҳәм қысқа шыдамлы егинлер: пияз, чеснок, ревень, гвоздика сыяқлы егинлер. Олар -10 градустан -15 градусқа шекем, қар астында болса -20 градустан -25 градусқа шекемги суўыққа шыдам бере алады;

  • Қысқа муддетли суўықтан қорғаўды талап етпейтуғин егинлер: суўыққа шыдамлы басқа овощлар, олар тәбийғый шараятта қатты суўыққа да шыдам бере алады.

Қысқа мүддетли суўықтан кейинги агротехникалық илажлар

Суўық күнлер өтип, егинлерди “стресс” ҳәм “шок” жағдайынан шығарыў ушын төмендеги илажлар әмелге асырылыўы керек:

  • Қосымша аўқатландырыў:

Егинлерди микроэлементлер ҳәм аминокислоталарға бай препаратлар менен азықландырыў зәрүр. Viusid, Biotrac сыяқлы элементи бар азықлықларды жапырақтан азықландырыў ушын қолланыў жақсы нәтийже береди.

  • Азотлы төгинлерден пайдаланыў:

Егинлердиң өсиў процесин тезлестириў мақсетинде тез тәсир етиўши сульфат аммоний сыяқлы азотлы минерал төгинлерден пайдаланыў усыныс етиледи.

  • Ыссылықты сақлаў илажлары:

Ҳаўа температурасы төмен болса, егинлерди қарық үстине плёнка менен жабыў арқалы қорғаў мүмкин.

Суўғарыў ҳәм топырақ ығаллығын сақлаў:

Топырақтағы ығаллықты сақлаў ҳәм суўық тәсирин азайтыў ушын суўғарыўды турақлы әмелге асырыў керек.

Барлық агротехникалық илажлар интенсив усылда ҳәм қысқа мүддетте орынланыўы керек. Бундай әмелиятлар тек ғана егинлерди суўықтан қорғаўға жәрдем берип қоймастан, ал өнимдарлықты сақлап қалыўда да әҳмийетли орын ийелейди.

Қарақалпақстан хабар агентилиги