ChatGPT’ге ҳуқықый ҳәм медициналық мәселелерде мәсләҳәт бериў қадаған етилди

«OpenAI» өз хызметлеринен пайдаланыў сиясатын жаңалады. Енди ChatGPT пайдаланыўшыларға ҳуқықый ямаса медициналық бағдарда мәсләҳәт бере алмайды. Бул шеклеў компанияның рәсмий сайтында жәрияланған.
Қадаған тек усы еки бағдар менен шекленбейди. Енди ChatGPT төмендеги тараўларда да мәсләҳәт бере алмайды:
– билимлендириў,
– турақ жай мәселелери,
– бәнтлик ҳәм жумысқа жайласыў,
– финанс ҳәм кредитлеў,
– қамсызландырыў,
– “әҳмийетли мәмлекетлик хызметлер” менен байланыслы мәселелер.
Сондай-ақ, чатбот миграция ҳәм миллий қәўипсизлик мәселелери бойынша да мәсләҳәт бере алмайды.
“Биз пайдаланыўшылардан хызметлеримизден дурыс пайдаланыўды талап етемиз. Қағыйдаларды бузыў ямаса қәўипсизлик илажларына әмел етпеў системалардан пайдаланыў ҳуқықының бийкар етилиўине ямаса басқа да илажларға алып келиўи мүмкин,” делинеди билдириўде.
Буннан тысқары, «OpenAI» хызметлеринен қәўип салыў, қорқытыў, күтим жасаў, жала жабыў, өз жанына қастыянлық етиў ямаса аўқатланыў бузыўшылығы менен байланыслы үгит-нәсиятлаў, жынысый зорлық, терроризм, қурал жаратыў ямаса сатып алыў, сондай-ақ, пул тигиў сыяқлы мақсетлерде пайдаланыў қатаң қадаған етиледи, – деп мәлимлеме береди xs.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги