Күшли тәсир етиўши затлардың нызамға қарсы айланысы ушын жуўапкершилик талап дәрежесинде ме?

85

2024-жыл 5-октябрьдеги “Өзбекстан Республикасының Жынаят, Жынаят-процессуаллық кодекслерине ҳәм Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине нәшебентлик қуралларының, олардың аналогларының ямаса психотроп затлардың, сондай-ақ, күшли тәсир ететуғын ҳәм зәҳәрли затлардың нызамға қайшы айланысына қарсы гүресиўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам менен күшли тәсир ететуғын ҳәм зәҳәрли затлардың нызамға қайшы айланысы ушын жуўапкершиликти нәзерде тутатуғын нормалары жетилистирилди.

Бирақ, бул нормаларды әмелде қолланыўға байланыслы суд-тергеў әмелиятын таллаў, бул бағдарда өз шешимин күтип атырған машқалалардың бар екенлигин көрсеткен.

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Наркотиклерди қадағалаў миллий орайы бөлим баслығы Мирсаид Ҳайдаров мине усы машқалалардың шешимине қаратылған усынысларды билдирди:

– Ҳәммемизге белгили, Жынаят кодексиниң 251-1-статьясы 6-бөлиминде нәшебентлик қураллары, олардың аналоглары ямаса психотроп затлар болып есапланбайтуғын күшли тәсир ететуғын ямаса зәҳәрли затларды ислеп шығарыў, алыў, сақлаў, есапқа алыў, бериў, тасыў ямаса жибериў қағыйдаларын бузыў, егер бул абайсызда олардың урланыўына ямаса басқаша тәризде аўыр зыян жеткерилиўине алып келген болса, жынайый жуўапкершилик белгиленген.

Бул норманы әмелде қолланыўда жүзеге келиўи мүмкин болған машқалалардан бири – бул жынаят ушын жынайый жуўапкершилик шәрти сыпатында белгиленген “басқа түрдеги аўыр зыян” көринисиндеги ақыбеттиң түрлише түсинилиўи болып есапланады.

Өз гезегинде, “басқа түрдеги аўыр зыян” көринисиндеги ақыбет ҳәр бир ис жағдайынан келип шыққан ҳалда баҳаланыўы талап етилетуғынын атап өтиў керек. Адамлардың массалық кеселлениўи, қоршаған орталықтың патасланыўы, күшли тәсир етиўши ямаса зәҳәрли затлар, мүлк объектлериниң жоқ етилиўи ҳәм басқалар аўыр зыян, деп есапланыўы мүмкин.

Жоқары суд пленумының 2021-жыл 27-ноябрьдеги “Күшли тәсир ететуғын ямаса зәҳәрли затларды нызамға қайшы түрде айланысқа киргизиў менен байланыслы жынаят ислери бойынша суд әмелияты ҳаққында”ғы қарарының 21-бәнтинде атап өтилиўинше, күшли тәсир ететуғын ямаса зәҳәрли затларды ислеп шығарыў, алыў, сақлаў, есапқа алыў, бериў, тасыў ямаса жибериў қағыйдаларын бузыў абайсызлық ақыбетинде денеге зыян жеткерилиўине ямаса адам өлимине алып келсе, айыпкердиң ҳәрекетлери Жынаят кодексиниң 251-1-статьясы 6-бөлими менен қамтып алынады.

Буннан көринип турғанындай, Жоқарғы суд пленумының қарарында денеге жарақат жеткерилиўи ямаса адам өлими “аўыр зыян” сыпатында баҳаланған.

Усы түсиндириўдиң мазмунына қосылған ҳалда, бул жағдайда шахстың қылмысында еки, яғный Жынаят кодексиниң 251-1-статьясы 6-бөлими ҳәм 102-статьясы 1-бөлими (абайсыздан адам өлтириў) ямаса 111-статьясы (абайсыздан денеге орташа аўыр ямаса аўыр жарақат жеткериў)нда нәзерде тутылған жынаят қурамы бар екенлигин атап өтиў керек.

Бунда улыўма ҳәм арнаўлы жынаят-ҳуқықый нормалар бәсекилесиўи жүзеге келеди.

Усы жерде атап өтиў орынлы, улыўма нормалар дегенде, белгили қылмыслар ушын жуўапкершиликти нәзерде тутатуғын норманы түсиниў керек.

Нызамда улыўма норма жынаяттың түрлес қурамы, яғный бир түрдеги социаллық қатнасықлар топарын, арнаўлы норма болса түрлес қатнасықлардың айрықша бир түрин қорғайды.

Арнаўлы норма улыўма нормадағы жынаят қурамының белгилери менен бирге өз белгисине ийе болады. Онда улыўма нормаға салыстырғанда жынаят белгилериниң улыўмаласыў ҳәм толықлық дәрежеси жоқары болады.

Яғный, жоқарыдағы мысалда Жынаят кодексиниң 102-статьясында көрсетилген итибарсызлықтан адам өлтириў жынаяты итибарсызлықтан адам өлими менен байланыслы барлық жынаятлар ушын улыўма норма есапланса, Жынаят кодексиниң 251-1-статьясының 6-бөлими арнаўлы норма болып есапланады.

Демек, улыўма ҳәм арнаўлы жынаят-ҳуқықый нормалар бәсекилесиўи – жынаяттың түрлес қылмыслары ушын жуўапкершиликти нәзерде тутыўшы улыўма нормада, жынаят қурамының қайсы бир белгиси өзгешеликлерине бола нызам шығарыўшы тәрепинен усы нормадан ажыратылған қылмыс ушын айрықша статьяда жуўапкершилик нәзерде тутылған арнаўлы норманың белгилери бар екенлиги болып, квалификацияда арнаўлы нормаға үстинлик бериледи.

Бул бойынша Жоқары суд пленумының 2008-жыл 15-майдағы “Бир неше жынаят исленгенде қылмысты квалификациялаўға байланыслы мәселелер ҳаққында”ғы қарарының 8-бәнтинде “қылмыс Жынаят кодексиниң бир неше статьяларында көрсетилген объектке қарата исленгенде (улыўма ҳәм арнаўлы норма бәсекиси) жынаятлар жыйындысы болмайды ҳәм ол арнаўлы норма бойынша квалификацияланыўы лазым”лығы атап өтилген.

Усы жерде тийкарлы сораў туўылады: егер күшли тәсир ететуғын ямаса зәҳәрли затларды ислеп шығарыў, алыў, сақлаў, есапқа алыў, бериў, тасыў ямаса жибериў қағыйдаларын бузыў абайсызлық ақыбетинде еки ямаса оннан артық шахстың өлимине алып келген жағдайда, қылмыс Жынаят кодексиниң 251-1-статьясы 6-бөлими менен қамтып алына ма?

Бул сораўға жуўап табыў ушын қылмысты улыўма ҳәм арнаўлы нормалар бәсекиси барлығында квалификациялаўдағы айрықша жағдайға (бәсекилесетуғын нормалардың санкциялары) итибар қаратыў лазым.

Бул мәселеде Жоқары суд пленумының 1996-жыл 27-февральдағы “Нызамға қарсы түрде қуралға ийелик етиў ҳаққындағы ислер бойынша суд әмелияты ҳаққында”ғы қарарының 7-бәнтиниң екинши абзацында атап өтилген аналогиялық түсиник мазмунына бола, улыўма ҳәм арнаўлы нормалар бәсекисинде егер улыўма норма санкциясында арнаўлы норма санкциясынан аўыррақ жаза нәзерде тутылған болса, онда шахстың қылмысы ҳәр еки статья менен жынаятлар жыйындысы сыпатында квалификацияланыўы лазым.

Ҳәммемизге белгили, Жынаят кодексиниң 102-статьясы 2-бөлиминиң санкциясында еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў жазалары нәзерде тутылған болып, 251-1-статьясы 6-бөлиминиң санкциясы (базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекемги муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў ямаса бес жылға шекем еркинен айырыў)на қарағанда аўырлаў есапланады.

Жоқарыдағы таллаўлардан жуўмақ шығарыў мүмкин, күшли тәсир ететуғын ямаса зәҳәрли затларды ислеп шығарыў, алыў, сақлаў, есапқа алыў, бериў, тасыў ямаса жибериў қағыйдаларын бузыў абайсызлық ақыбетинде еки ямаса оннан артық шахстың өлимине алып келген жағдайда, қылмыс Жынаят кодексиниң 251-1-статьясы 6-бөлими ҳәм 102-статьясы 2-бөлими менен жынаятлар комплекси сыпатында квалификацияланыўы лазым.

Н.Абдураимова,

ӨзА