Питкериўшилерди жумысқа алған исбилерменлерге жеңиллетилген кредитлер бериледи

88

Президентимиздиң 2025-жыл 3-ноябрьдеги 328-санлы қарары менен “Жоқары билимлендириў шөлкемлери питкериўшилериниң жумысқа жайласыўына жәрдемлесиў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарарына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

Жаңа тәртипке бола, жоқары билимлендириў мәкемелериниң питкериўшилерин жумыс пенен тәмийинлеген исбилерменлерге 2 жыллық жеңиллетилген дәўир менен, 7 жыл мүддетке шекем 5 миллиард сумға шекем кредит ажыратылады.

Кредитлер Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан 4 процентлик пункт жоқары ставкада бериледи.

Ҳәр бир 1 миллиард сумлық кредит ушын исбилермен кеминде 1 питкериўшини жумысқа алыўы шәрт.

Жеңиллетилген кредитлер өндирис ҳәм хызмет көрсетиў тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў, тийкарғы қураллар сатып алыў ҳәм айланба қаржыларды толықтырыў ушын бериледи.

Егер исбилермен жеңиллетилген кредит тийкарында жумысқа алған питкериўши менен мийнет шәртнамасын 2 жыл ишинде бийкарласа, кредит проценти коммерциялық ставкаға өзгертиледи. Бирақ, 1 ай ишинде басқа питкериўши жумысқа қабыл етилсе, бул қағыйда қолланылмайды.

Сондай-ақ, питкериўшилер арасында ең жақсы стартап ҳәм инновациялық жойбарлар таңлаўы өткериледи. Таңлаў жеңимпазларына кеминде 2 питкериўшини жумысқа алыў шәрти менен 1 миллиард сумға шекем грант ажыратылады.

ӨзА