Қатарға әмелий сапар жуўмақланды

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қатар Мәмлекетине әмелий сапары жуўмақланды.
Сапар етиў шеңберинде мәмлекетимиз басшысы Социаллық раўажланыў бойынша екинши Жәҳән саммитинде қатнасып, онда турақлы ҳәм инклюзив социаллық раўажланыўды әмелге асырыў және социаллық-экономикалық раўажланыўды жақсылаў бойынша глобаллық шерикликти буннан былай да беккемлеўге қаратылған бир қатар әҳмийетли басламаларды алға қойды.

Мәмлекетимиз басшысы Доха қаласында Қатар Әмири Шайх Тамим бин Ҳамад Ол Соний менен де нәтийжели сөйлесиў өткерди.
Шайх Ҳамад атындағы халықаралық аэропортта Өзбекстан Президентин Бас министрдиң орынбасары, қорғаныў министри Шайх Сауд бин Абдураҳмон Ол Соний ҳәм басқа да рәсмий шахслар шығарып салды.

Мәмлекетимиз басшысы АҚШ Президенти Доналд Трамптың мирәт етиўине бола Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм АҚШ жетекшилериниң “C5+1” форматындағы саммитинде қатнасыў ушын Вашингтон қаласына жөнеп кетти.

Сапар бағдарламасына муўапық, Президентимиз АҚШ Президенти Доналд Трамп, Конгресс Сенаты ҳәм Ўәкиллер палатасының ағзалары, АҚШ министрликлери ҳәм уйымларының басшылары менен ушырасыўлар өткереди.

Өзбекстан менен АҚШ арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын, бәринен бурын, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм гуманитарлық тараўларда және де кеңейтиў ҳәм беккемлеў, сондай-ақ, Орайлық Азияның АҚШ пенен регионлараралық бирге ислесиўин тереңлестириў мәселелери көрип шығылады.

Исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде АҚШтың жетекши компаниялары ҳәм финанслық институтларының басшыларының қатнасыўында ушырасыў ҳәм илажлар өткерилиўи режелестирилген.
Илажлар жуўмағында бир қатар еки ҳәм көп тәреплеме ҳүжжетлердиң қабыл етилиўи нәзерде тутылған.
ӨзА