Өзбекстан өнимлери  “Foodex Saudi 2025”  шеңберинде көрсетилмекте

91

Елимизде жергиликли исбилерменлер ушын келешекте жаңа шериклер табыў, саўда байланысларын беккемлеў имканияты кеңеймекте.

Саудия Арабстанында 50 ден аслам мәмлекеттен 200 ге шамалас ислеп шығарыўшыны бирлестирген “Foodex Saudi 2025” көргизбеси усы жылы 13 мәрте өткерилмекте. Онда Өзбекстан делегациясы 140 квадрат метр майданда өз өнимлери менен қатнаспақта, делинеди Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигиниң мағлыўматында.

Көргизбеге Өзбекстанның 20 дан аслам жергиликли исбилерменлери тәрепинен жетистирилген мийўе-овощлар да қойылған. Түркия, Қытай ҳәм Араб Лигасына ағза мәмлекетлердиң павильонлары менен бир қатарда жайласқан миллий майданымызда көрсетилип атырған өнимлер көплеген сырт елли қатнасыўшылар ҳәм мийманларда үлкен қызығыўшылық оятпақта.

“Foodex Saudi Jeddah 2025” азық-аўқат санааты, технологиялар ҳәм тутыныў өнимлериниң экспортына бағышланған ең ири көргизбе болып есапланатуғынын атап өтиў керек. “Jeddah International Exhibition & Convention Centre” орайында өткерилетуғын көргизбе  6-ноябрьге шекем даўам етеди.

Көргизбеде тийкарынан импортёрлар ҳәм исбилермен топар ўәкиллери, дистрибюторлар, мийманханалар ҳәм “HoReSa”  бағдарының ўәкиллери белсене қатнасады.

Усы жылы көргизбеге 15 мыңнан аслам мийман келиўи күтилмекте. Бул болса Өзбекстан өнимлери ушын Персия қолтығы мәмлекетлерине экспорт географиясын кескин арттырыўда және бир қәдем болып есапланады.

А.РУСТАМОВ, ӨзА