Айыпты мойынлаў ҳаққындағы келисим институты: әмелият ҳәм оны қолланыўдағы әҳмийетли мәселелер

94

Қарақалпақстан Республикасы судының жынаят ислери бойынша ҳәм тергеў судьялары, ишки ислер ҳәм прокуратура уйымларының ўәкиллери, сорастырыў ҳәм дәслепки тергеў хызметкерлери, сондай-ақ, адвокатлар қатнасыўында видеоконференцбайланыс арқалы семинар-сабақ өткерилди.

Бул илаж Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары А.Адиловтың басшылығында болып өтти.

Семинар даўамында суд-тергеў жумысына байланыслы бир қатар әҳмийетли мәселелер, атап айтқанда, жынаят ислеринде айыпты мойынлаў ҳаққындағы келисим институтының қолланылыўы мәселеси ҳәр тәреплеме додаланды.

Семинар қатнасыўшыларының итибары Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының “Судлар тәрепинен айыпты мойынлаў ҳаққында келисим институтын қолланыўға байланыслы суд әмелиятын улыўмаластырыў нәтийжелери ҳаққында”ғы қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўына қаратылды.

А.Адилов өз сөзинде айыпқа мойынлаў ҳаққында келисим институты миллий жынаят нызамшылығында әмелге асырылған әҳмийетли реформалардан бири екенин атап өтти. Бул институт Өзбекстан Республикасының 2021-жыл 18-февральдағы ӨРҚ-675-санлы “Өзбекстан Республикасының Жынаят және Жынаят-процессуал кодекслерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы Нызамы тийкарында енгизилген болып, ол менен Жынаят-процессуаллық кодекси 62-1-бап пенен толықтырылған.

Айыпланыў ҳаққындағы келисим институтының енгизилиўи жынаят ислерин тез ҳәм нәтийжели шешиў, жәбирлениўши ҳәм пуқаралық даўагердиң ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, жеткерилген зыянды қаплаў, сондай-ақ, айыбын тән алған ҳәм пушайман болған шахсларды нызамлы түрде хошаметлеў имканиятын береди.

Бундай қатнас суд-ҳуқық әмелиятында инсан мәпин үстин қойыў, “Инсан қәдири – жоқары қәдирият” принципин турмысқа енгизиўге хызмет етеди. Соның менен бирге, институттың әмелде қолланылыўында айырым машқалалар да бар екенлиги атап өтилди.

Семинарда институттың әмелий жумысында жетерли дәрежеде нәтийже бермей атырғаны атап өтилди. Сонлықтан оның дурыс қолланылыўын тәмийинлеў, жынаят ислерин көриўде жол қойылып атырған қәте-кемшиликлерди сапластырыў ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын жетилистириў бойынша өз-ара пикирлести.



Күн тәртибиндеги тийкарғы мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы судының судьялары баянат жасап, айыпты мойынлаў ҳаққындағы келисим институтының ҳуқықый ҳәм әмелий тәреплерин сәўлелендирди. Олар әмелде ушырасып атырған машқалалар ҳәм олардың нәтийжели шешимлерин додалады.

Семинар соңында қатнасыўшылар арасында жедел пикир алысыў ҳәм сораў-жуўаплар болып өтти. Әмелий мысаллар тийкарында өткен додалаўлар институтты қолланыўдағы бар мәселелерди терең таллаў ҳәм келешекте оның дурыс қолланылыўын тәмийинлеў бойынша анық усынысларды ислеп шығыўға тийкар жаратты.

Бул семинар айыпты мойынлаў ҳаққындағы келисим институтын әмелий жумысқа дурыс енгизиў, судьялар, тергеўшилер ҳәм адвокатлар арасындағы бирге ислесиўди күшейтиў және жынаят ислери бойынша әдил судлаўды тәмийинлеўге қаратылған әҳмийетли қәдем болады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги