Медицина ҳәм фармацевтика тараўындағы реформалардың барысы ҳәм алдыңғы режелер көрип шығылды

Президент Шавкат Мирзиёев орфан кеселликлерге шалынған балаларға медициналық жәрдемди жақсылаў, фармацевтика тараўындағы реформалардың орынланыўы ҳәм жаңа жойбарлар бойынша презентация менен танысты.
Мәмлекетимизде нәсиллик ҳәм туўма кеселликлер менен туўылыўдың алдын алыў, сийрек ушырасатуғын (орфан) кеселликлерге шалынған балаларға өз ўақтында диагноз қойыў ҳәм емлеўге қаратылған медициналық және социаллық жәрдем системасы жолға қойылған.
Бүгинги күнде 5 түрдеги орфан ҳәм нәсиллик-генетикалық кеселликлерге шатылған жәми 2174 бала мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан бийпул диагностика, дәри-дәрмақлар ҳәм арнаўлы емлик қәсийетке ийе азық-аўқат пенен тәмийинленбекте.

Соның менен бирге, диагностикалаўдың сапасының жақсыланыўы нәтийжесинде орфан кеселликлердиң жаңа түрлери анықланбақта ҳәм емлениўге мүтәж балалардың саны артып бармақта.
Презентацияда сийрек ушырасатуғын (орфан) ҳәм басқа да нәсиллик-генетикалық кеселликлерге шатылған балаларға медициналық ҳәм социаллық жәрдем көрсетиўди шөлкемлестириў бойынша ислеп шығылған 2026-2030-жылларға мөлшерленген илажлар бағдарламасы ҳаққында мәлимлеме берилди.
Оған бола, енди емлениўи мәмлекет есабынан қамтып алынатуғын кеселликлердиң саны 5 тен 10 ға шекем кеңейтиледи, жас шегарасы 18 ден 21 ге шекем создырылады.
Бағдарламаны әмелге асырыў ушын 2026-2030-жылларда жәми 961 миллиард сум қаржы қаратылыўы нәзерде тутылмақта.
Мәмлекетимиз басшысы тийисли қарарға қол қойып, бағдарламаны тастыйықлады.

Сондай-ақ, Президентимизге фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыў, тараўға инвестицияларды тартыў, “Tashkent Pharma Park” фармацевтика кластери санаат аймағында әмелге асырылып атырған жойбарлар, сапа ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша орынланып атырған жумыслар таныстырылды.
Тармақ кәрханалары тәрепинен баҳасы 5 триллион сумлық өнимлер ислеп шығарылды, 172 миллион долларлық өнимлер экспорт етилди және 286 миллион доллар инвестиция, соннан 257 миллион доллар сырт ел инвестициялары өзлестирилди.
35 жергиликли кәрхана тәрепинен 205 түрдеги дәри қуралларын ислеп шығарыў жолға қойылды, олар экспорт етип атырған мәмлекетлердиң саны болса 55 ке жетти. Усы жылдың өзинде баҳасы 29 миллион долларлық 16 жойбар иске қосылды ҳәм 830 жаңа жумыс орны жаратылды.
Сапа ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў мақсетинде дәри қуралларын ислеп шығарыўшы 61 кәрханада GMP, 486 дистрибюторлар қоймаханасында GDP ҳәм 9450 дәриханада GPP стандарты енгизилди.
Презентацияда импорт етилип атырған дәри-дәрмақлардың референт баҳаларын қәлиплестириўде ҳәр қыйлы манипуляциялардың алдын алыўға қаратылған илажлар ҳәм усыныслар бойынша мәлимлеме берилди.
Ҳәзирги ўақытта 7,6 мың импорт дәри-дәрмақларынан 4,9 мыңы референт мәмлекетлердиң баҳа реестринде жоқ.

Усыныс етилип атырған илажларға бола, 2026-жыл 1-январьдан 2,6 мың түрдеги рецептли дәри-дәрмақлардың баҳасы орташа 40-50 процентке түсиўи күтилмекте.
Презентацияда фармацевтика өнимлериниң мәмлекетлик сатып алыўларын әмелге асырыў механизмлерин буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында да мәлимлеме берилди.
Емлеўханаларда сапасыз өнимлерди сатып алыў ҳәм коррупциялық факторларды сапластырыў мақсетинде енди барлық мәмлекетлик сатып алыўлар “farma.xarid.uz” арнаўлы электрон системасы арқалы әмелге асырылады.
Бул электрон система иске түсирилгеннен соң мәмлекетлик сатып алыўларда тек ғана өндирислик, жеткерип бериў ҳәм өнимниң қәўипсизлиги бойынша барлық зәрүр сертификатларға (GMP, ISO:13485 GDP) ийе қатнасыўшылар қатнаса алады.
Мәмлекетлик сатып алыўлар көлемлери ҳәм тийисли сертификатларға ийе ислеп шығарыўшылар ҳәм дистрибюторлар реестрлери жәмийетшилик ушын ашық болады. Мәмлекетлик сатып алыўлар процесинде өнимлердиң баҳасы белгиленген референт баҳалардан жоқары болмаўы усы системада автоматикалық тәризде тексериледи.
Мәмлекетимиз басшысы 2026-жыл 1-январьға шекем усы система шеңберинде мәмлекетлик медицина мәкемелеринде дәри қураллары ҳәм медициналық үскенелерге болған талапларды қәлиплестириў және қалдықларды нәтийжели басқарыў бойынша арнаўлы платформаны ислеп шығыў бойынша көрсетпелер берди.
Президентимизге, сондай-ақ, халықты сапалы, қәўипсиз ҳәм нәтийжели дәри-дәрмақлар менен тәмийинлеў мақсетинде дәри қураллары ҳәм медициналық үскенелерди мәмлекетлик дизимнен өткериўдиң жаңа тәртиби таныстырылды.
Оған бола, дәри қуралларын технологиялар трансфери арқалы ислеп шығарыў жолға қойылады. Сырт ел фармацевтика компаниялары тәрепинен жергиликли ислеп шығарыўшылардың қуўатлылықларынан пайдаланған ҳалда ислеп шығарыў ҳәм тезлестирилген тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткериў имканияты жаратылады.
Жаңа түрдеги, биомедициналық клетка өнимлери қатарына кирген, жарақатланған тоқымаларды емлеў, ағзалардың бөлеклерин өсириў, организмниң функционал имканиятларын тиклеў ушын қолланылатуғын дәри қуралларын медицина әмелиятына енгизиў имканияты жаратылады.
“Дженерик” дәри қуралларының клиникалық сынаўларын өткериў ҳәм нәтийжелерин баҳалаў халықаралық стандартларға муўапық әмелге асырылады ҳәм оларды дизимнен өткериў мүддетлери қысқартылады.
Енди қәўипсизлик классификациясы бойынша 1-классқа тийисли медициналық үскенелер лаборатория сынаўларынан (стерил, өлшеў қуралы ҳәм инвазив медициналық үскенелер буған кирмейди) ҳәм клиникалық изертлеўлерден өткерилмейди.
Президентимиз билдирилген усынысларды мақуллап, 2025-жылдың ақырына шекем 166 миллион долларлық 32 инвестициялық жойбарды толық иске қосып, 1500 жаңа жумыс орнын жаратыў, өним ислеп шығарыў ҳәм экспорт көлемин буннан былай да арттырыў, рецепт пенен таярланатуғын дәри-дәрмақлардың баҳаларын түсириў бойынша анық көрсетпелер берди.
ӨзА