Регистандағы медреселер жаңа экспозициялар менен байытылды

69

ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясы мүнәсибети менен Самарқанд қаласындағы Регистан комплексиндеги Мырза Улығбек ҳәм Тиллакори медреселеринде турақлы жумыс алып барып атырған музей экспозицияларын жаңалаў ҳәм ишки бөлимлерин реставрациялаў бойынша кең көлемли жумыслар жуўмақланды.

– Жаңаланған экспозициялар Самарқанд ҳәм темурийлер дәўириниң тарийхый-мәдений мийрасын заманагөй тийкарда талқылап, сол дәўирде Самарқанд илим, билимлендириў ҳәм көркем өнердиң ири орайларынан бири болғанын көрсетеди, – дейди Регистан комплексиниң басшысы Ханқул Самаров.

– Соның ишинде, Мырза Улығбек медресесиниң экспозициясы Әбиў Райхан Беруний, Ибн Сина, Әлий Қусшы сыяқлы ойшыллардың 50 ден аслам бийбаҳа қолжазбалары, XV әсирдиң уллы астрономы ҳәм ағартыўшысы Мырза Улығбектиң жумысын сәўлелендиретуғын илимий әсбап-үскенелер ҳәм тарийхый материаллар менен байытылды. Тиллакори медресесиндеги көргизбе болса Регистан ансамблиниң қәлиплесиў тарийхы ҳәм оның архитектуралық гөззаллығын ашып береди. Экспозиция санлы реконструкциялар ҳәм интерактив элементлер менен байытылып, тамашагөйге тарийхты және де жанлы сезиў имканиятын жаратады.

Экспонатлардың көпшилиги француз ҳәм өзбекстанлы реставраторлар менен биргеликте қайта тикленген. Яғный, жаңаланған музей мәканының дизайны французлардың Wilmotte & Associés архитектуралық бюросы тәрепинен ислеп шығылып, Шығыс дәстүрлериниң бийтәкирар руўхы заманагөй музейтаныўдың талапларына үнлес тәризде жәмленген.

Ҳәзирги ўақытта бул орынлар ЮНЕСКО Бас конференциясы сессиясының қатнасыўшылары ҳәм мийманлар менен толы.

 

ӨзА