Өзбекстан Президенти Қатарға келди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қатар Әмири Шайх Тамим бин Ҳамад Ол Сонийдиң мирәт етиўине бола әмелий сапар менен Доҳа қаласына келди.
Мәмлекетимиз басшысын Қатар Бас министриниң орынбасары, қорғаныў ислери бойынша мәмлекет министри Шайх Сауд бин Абдураҳмон Ол Соний ҳәм басқа рәсмий шахслар күтип алды.


Шайх Ҳамад атындағы халықаралық аэропортта жоқары мәртебели мийманниң ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты, еки мәмлекеттиң мәмлекетлик байрақлары көтерилди.
Сапардың бағдарламасына муўапық, Өзбекстан Президенти 4-ноябрь күни Социаллық раўажланыў бойынша екинши Жәҳән саммитинде қатнасады.


Мәмлекетимиз басшысы кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, жәмийетлердиң турақлылығы, социаллық әдиллигин ҳәм инклюзивлигин арттырыў, билим алыў имканиятларын кеңейтиў, климат өзгериўине бейимлесиў ҳәм басқа бағдарларда бир қатар басламаларды алға қойыўы күтилмекте.
Саммит шеңберинде жоқары дәрежедеги сөйлесиўлердиң өткерилиўи де нәзерде тутылған.


ӨзА