Германия парламенти ўәкиллери елимизге келди

98

Германия Федеративлик Республикасы Бундестаги Ҳуқықый мәселелер ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықын қорғаў бойынша комитетиниң баслығы Мюллер Карстен басшылығындағы делегация Олий Мажлис Нызамшылық палатасына келди. Делегация ўәкиллери төменги палатаның Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм суд-ҳуқық мәселелери комитетиниң баслығы Жаҳонгир Ширинов пенен ушырасты.

Сөйлесиўде мийманларға мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, миллий нызамшылықты жетилистириў бағдарындағы жумыслар ҳәм бул бағдардағы тийкарғы ўазыйпалар бойынша ҳәр тәреплеме мәлимлеме берилди.

Сондай-ақ, ушырасыўда пуқаралық жәмийети институтларының жумысы, олардың мәмлекетлик сиясат ҳәм нызам дөретиўшилиги процесиндеги орны, коррупцияға қарсы гүресиў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм нызамшылықты жетилистириў илажлары, парламент палаталарының коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы нызамшылықты раўажландырыўдағы бирге ислесиўи бойынша мағлыўматлар берилди.

Ушырасыўда тәреплер парламентлераралық байланысларды буннан былай да кеңейтиў ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди барлық тийкарғы тараўларда раўажландырыў бойынша пикир алысты.

Мюллер Карстен басшылығындағы делегация Самарқандта да болып, Самарқанд мәмлекетлик университетине барды. Бул билимлендириў мәкемесинде ҳуқықтаныўшы кадрлар таярлаў бағдарындағы жумыслар, билимлендириў процесслери менен танысты.

Буннан тысқары, мийманлар Самарқанд ўәлаяты әдиллик басқармасында болды. Бул жерде мийманларға адвокатура институтының жумысы, ўәлаятлық әдиллик басқармасында алып барылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.

М.Комилова, ӨзА