Стратегиялық режелестириў тараўында басқарыў системасы жетилистириледи

97

Президент Пәрманына бола, төмендегилер қайта шөлкемлестириледи:

🔹 Аналитикалық ҳәм изертлеў структуралары жумысын шөлкемлестириў бойынша муўапықластырыўшы кеңес Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық режелестириў ҳәм раўажланыў бойынша муўапықластырыўшы кеңес етип;

🔹 Президент жанындағы Стратегиялық реформалар агентлиги Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық раўажланыў ҳәм реформалар агентлиги етип;

🔹 Стратегиялық реформалар агентлигин қоллап-қуўатлаў қоры Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық раўажланыў ҳәм реформалар агентлигин қоллап-қуўатлаў қоры етип.

Муўапықластырыўшы кеңес министрликлер ҳәм уйымлар, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының усы тараўдағы жумысын муўапықластырыў ушын жуўапкер болған уйымлараралық коллегиаллық уйым есапланады.

Муўапықластырыўшы кеңес 1- ҳәм 2-дәрежели стратегиялық режелестириў ҳүжжетлериниң жойбарларын оларды қабыл етиўдиң мақсетке муўапықлығы көзқарасынан көрип шығады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги