Енди оқыўшының дуал билимлендириў формасында оқыған дәўири оның улыўма мийнет стажын есаплаўда инабатқа алынады

84

Президенттиң ПҚ-316-санлы қарарына бола, 2026-2027-оқыў жылынан баслап дуал билимлендириў формасында билим алып атырған оқыўшылардың оқыў дәўири олардың улыўма мийнет стажына киргизиледи.

Сондай-ақ, дуал билимлендириў системасында оқып атырған оқыўшыларға арнаўлы платформа арқалы ҳәр айлық стипендия төлеў жолға қойылады.

Онда ҳәр айлық стипендия базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында белгиленеди. Стипендия Кәсиплик билимлендириў агентлиги тәрепинен техникумларға ажыратылады. Егер оқыўшының кәсиплик көнликпелери ямаса тәртиби қанаатландырарсыз деп баҳаланса, стипендия төлемлери тоқтатылады.

Дуал билимлендириўдеги оқыўшыларға төленетуғын стипендия менен байланыслы қәрежетлер олардың әмелият өтеў ушын ажыратылған қаржылар есабынан қапланады.

Сондай-ақ, қарарға муўапық, мәмлекетлик сатып алыўларда техникумлар ислеп шығарған өнимлер (товар, жумыс, хызмет) ге 15 процентлик преференция бериледи.

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге техникумларды тартқан ҳалда төмендеги жумыс бағдарларын аутсорсинг тийкарында шөлкемлестириў ҳуқықы бериледи:

– компьютер техникасы, ысытыў, суўытыў ҳәм электр энергиясы системалары, сондай-ақ, автотранспорт қуралларына техникалық хызмет көрсетиў;

– ғалаба хабар қуралларында үгит-нәсият жумысларын әмелге асырыў;

– Кәсиплик билимлендириў агентлиги менен келисилген басқа да бағдарлар.

ӨзА