Өзбекстан – Финляндия: дослық ҳәм ҳүрметке тийкарланған қатнасықлардың жаңа дәўири

64

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Финляндия Республикасы Президенти Александр Стубб рәсмий сапар менен мәмлекетимизде болды.

Еки мәмлекет арасындағы дипломатиялық байланыс 1992-жыл 26-февральда орнатылған.

Президент Шавкат Мирзиёев жедел сыртқы сиясат ҳәм реформалар жолын жәриялаўдан соң, Өзбекстан – Финляндия бирге ислесиўи жаңаша пәт алды. Бурын ўақты-ўақты менен әмел еткен байланыс механизми жеделлести. 2018-жылы тәреплер Саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссияны қайта тиклеўге келисип алды. Бул қәдем қарым-қатнасты жанландырыў ҳәм жаңа бирге ислесиў бағдарларын излеўге түртки болды.

Финляндия Өзбекстанның БМШ ҳәм басқа да халықаралық структуралар шеңбериндеги басламаларын да белсене қоллап-қуўатлап келмекте, бул өз-ара исенимниң жоқары дәрежесин сәўлелендиреди.

Кейинги жылларда Өзбекстан ҳәм Финляндия арасындағы экономикалық байланыслар сезилерли дәрежеде жеделлести. Ҳәзир елимизде машина қурылысы, азық-аўқат өнимлерин қайта ислеў, телекоммуникация, таза технологиялар ҳәм агросанаат тараўларында жумыс алып барып атырған Финляндия капиталының қатнасыўындағы оннан аслам кәрхана жумыс алып бармақта.

Көксарай резиденциясында 31-октябрь күни Финляндия Республикасы Президенти Александр Стуббты салтанатлы күтип алыў мәресими болды.

Резиденция алдындағы майданда еки мәмлекеттиң байрақлары көтерилди, ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев жоқары мәртебели мийманды қызғын қутлықлап, минберге мирәт етти.

Өзбекстан ҳәм Финляндияның мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Жетекшилер ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий делегациялардың ағзаларын бир-бирине таныстырды.

Буннан соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Финляндия Республикасы Президенти Александр Стубб рәсмий делегациялардың қатнасыўында сөйлесиў өткерди.

Өзбекстан менен Финляндия арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди, бәринен бурын, сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм гуманитарлық тараўларда және де беккемлеў перспективалары ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

Ҳәр қыйлы дәрежелердеги сиясий сөйлесиў ҳәм алмасыўлар жедел раўажланып атырғаны, бизнеске байланыслы шериклик жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Өз-ара саўда көлеми избе-из артып, экономикалық ҳәм исбилерменлик байланыслары беккемленбекте. Мәмлекетимизде Финляндия менен биргеликте Халықаралық Нордик университети табыслы жумыс алып бармақта, мектеп билимлендириўи тараўындағы бағдарламалар әмелге асырылмақта.

Өзбекстан – Финляндия бизнес форумының жуўмағында улыўма баҳасы 1 миллиард евродан аслам перспективалы биргеликтеги жойбарлар портфели қәлиплестирилди.

Сөйлесиўлерде товар алмасыўды есесине арттырыў, соның ишинде, өз-ара өним жеткерип бериўди хошаметлеў ушын Саўданы қаржыландырыў қоспа қорын шөлкемлестириў имканиятлары да көрип шығылды.

Өзбекстан аўыл хожалығы ҳәм тоқымашылық өнимлерин Европа Аўқамы базарларына алып шығыў ушын сертификатлаў лабораторияларын ашыў басламалары қоллап-қуўатланды.

Геология ҳәм әҳмийетли материаллар, энергетика, агросанаат, санластырыў, жасалма интеллект, экология, туризм ҳәм басқа да әҳмийетли тармақларда кооперацияны кеңейтиўге тийкарғы итибар қаратылды.

2026-жылы Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилисин өткериў ҳәм Исбилерменлер кеңесин шөлкемлестириў бойынша келисимлерге ерисилди. Аймақлараралық бирге ислесиўди кеңейтиўден еки тәреп те мәпдар екени атап өтилди.

Билимлендириў, медицина ҳәм мийнет миграциясы тараўларындағы бирге ислесиў мәселелери де көрип шығылды. Келеси жылы биринши Ректорлар ҳәм инновациялар форумын өткериў режелестирилген.

Президентлер регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша пикир алысты.

Ташкент қаласында болып өткен сөйлесиўлердиң жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Финляндия Республикасы Президенти Александр Стубб Биргеликтеги билдириўге қол қойды.

Жетекшилер жанында түрли бағдарларда, соның ишинде:

– саўда-экономикалық байланысларды раўажландырыў;

– пайдалы қазылмаларды қазып алыў тараўындағы бирге ислесиў;

– геология илимлери, геологиялық излеў, пайдалы қазылмалар ҳәм жер асты суўларын излеў және кәншилик тараўларындағы бирге ислесиў;

– санлы трансформация, инновациялар ҳәм санлы өз-ара байланыслылықты раўажландырыўға жәрдемлесиў;

– социаллық қорғаў тараўындағы бирге ислесиў;

– мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи системасына санлы билимлендириў платформасын енгизиў бойынша бирге ислесиў;

– билимлендириў, илим ҳәм инновациялар тараўларындағы бирге ислесиў;

– санластырыў ҳәм суў ресурсларын басқарыў тараўындағы илим-билимлендириў потенциалын арттырыў;

– климат өзгериўи ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бағдарындағы бирге ислесиўге байланыслы еки тәреплеме ҳүжжетлер топламына қол қойыў мәресими болып өтти.

Өзбекстан – Финляндия саммити жуўмағында Көксарай резиденциясында терек егиў мәресими болып өтти.

Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Александр Стубб Ҳүрметли мийманлар қыябанында биргеликте терек екти.

Мәресим Өзбекстан ҳәм Финляндия арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди раўажландырыўға умтылыўдың, еки мәмлекет ҳәм халық арасындағы дослық ҳәм өз-ара түсинисиў беккемленип атырғанының белгиси болды.

Сол күни Финляндия Республикасы Президенти “Жаңа Өзбекстан” паркине барып, Ғәрезсизлик монументине гүл қойды.

Жоқары мәртебели мийман елимиздиң өтмиши ҳәм келешекке исеним тымсалы болған және уллы ата-бабаларымыздың жарқын тулғасын дүняға көрсететуғын бул монументтиң мазмун-мәнисин жоқары баҳалады.

Александр Стуббтың мәмлекетимизге рәсмий сапары шеңберинде Орайлық Азия халықаралық институтында “Орайлық Азия ҳәм Арқа мәмлекетлери: жаңа бирге ислесиў перспективасы” атамасында дөгерек сәўбети де болып өтти. Оған Президент Александр Стубб та қатнасты.

Финляндия Республикасы Президенти Александр Стубб Ташкентте өткерилген Өзбекстан – Финляндия бизнес-форумында да қатнасты.

Усының менен Финляндия Республикасы Президенти Александр Стуббтың мәмлекетимизге рәсмий сапары жуўмақланды.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Икром АВВАЛБОЕВ,

ӨзАның хабаршылары