Халықтың турмыс шараятын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар үйренилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Мойнақ районында халықтың турмыс шараятын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.
Дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы Президентимиздиң арнаўлы қарарына тийкарланып, Азия раўажланыў банкиниң 8,2 млн. АҚШ доллары муғдарындағы қаржылары тийкарында Мойнақ районында ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаўға қаратылған қурылыс жумыслары менен танысты.
Буннан соң Тоғай хожалығы жер майданлары көзден өткерилди. Гүзги терек егиўге жерлерди ҳәм нәллери таярлаў, жумысларды шөлкемлескенлик пенен алып барыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди. «ARAL AGRO KLUSTER» тәрепинен ыссыханада гүзги егиске таярлық жумыслары да көрип шығылып, усындай алыс ҳәм шетки аймақлардың биринде жер майданын дәрамат дерегине айландыра алыў көпшиликке үлги болыўы керек екенлиги атап өтилди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы райондағы Үшсай АПЖ аймағында жайласқан газ қудығы жумыслары менен де жақыннан танысты. Сондай-ақ, Айрықша Жағдайлар министрлигиниң қурылыс батальоны әскерий хызметкерлери менен ушырасып, олар менен жақыннан пикирлести.
Дослық МПЖ аймағында жаңадан иске түсирилген нан цехы жумыслары да үйренилди. Исбилерменлердиң өз жумысын кеңейтиўи ушын жақыннан жәрдем бериў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.

Буннан соң, пуқаралардың турмыс шараятын жақсылаў бағдарында еле де шешимин күтип турған мәселелерди анықлаў ҳәм машқалаларға шешим табыў бойынша райондағы көше бийлери, нураный-ақсақаллар ҳәм кейўаны ҳаяллар менен ушырасыў өткерилди.
Ушырасыўдан кейин район белсендилери, жуўапкер басшылар менен биргеликте районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў мәселелери сын көзқараста көрип шығылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги