Финляндия Президентин салтанатлы күтип алыў мәресими болды

131

31-октябрь күни Көксарай резиденциясында Өзбекстан Республикасында рәсмий сапар менен болып турған Финляндия Республикасы Президенти Александр Стуббты салтанатлы күтип алыў мәресими болды.

Резиденция алдындағы майданда еки мәмлекеттиң байрақлары көтерилди, ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев жоқары мәртебели мийманды қызғын қутлықлап, минберге мирәт етти.

Өзбекстан ҳәм Финляндияның мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Жетекшилер ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий делегациялардың ағзаларын бир-бирине таныстырды.

Салтанатлы мәресим жуўмақланғаннан соң, биргеликте сүўретке түсти ҳәм делегациялардың қатнасыўында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер басланды.