Өзбекстан дипломатлары Адыгея Республикасындағы ўатанласлар менен ушырасыўлар өткерди

115

Өзбекстанның Ростов-Дон қаласындағы Бас консулханасының дипломатлары Адыгея Республикасында оқып атырған ҳәм ўақытша жумыс ислеп атырған студентлер менен ушырасты, деп хабар бермекте “Дунё” МА.

«Адыгея мәмлекетлик университети басшылары ҳәм студентлер менен ушырасыўда проректор Сусанна Тлехатук бүгинги күнде усы университетте 50 ден аслам өзбекстанлы, тийкарынан шет тиллери бағдарында билим алып атырғанын атап өтти.

Университет ҳәзирги ўақытта Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университети, Самарқанд мәмлекетлик шет тиллери институты ҳәм Денов исбилерменлик ҳәм педагогика институты менен бирге ислесиў байланысларын орнатқан.

Ушырасыўда студентлерге Жаңа Өзбекстанда Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында әмелге асырылып атырған реформалар, мәмлекеттиң ҳәр тәреплеме жедел раўажланып атырғаны ҳәм билимлендириў тараўындағы жаңалықлар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгениниң 36 жыллығы мүнәсибети менен ана тилдиң әҳмийети ҳаққында дөгерек сәўбети өткерилди.

Сондай-ақ, дипломатлар Майкоп қаласында мийнет етип атырған ўатанласлар менен ушырасты. Оларға Социаллық-экономикалық реформалар, консуллық хызметлери ҳаққында мағлыўмат берилди. Соның менен бирге, жергиликли нызам-қағыйдаларды ҳүрмет етиў ҳәм қатаң әмел етиў ҳәм ҳәр қыйлы ағымлардан узақ жасаў зәрүр екенлиги атап өтилди», делинеди хабарда.

Қарақалпақстан хабар агентлиги