Фермер хожалықларында көп тармақлы жумыс – турақлы раўажланыў гиреўи

69

Әмиўдәрья районында аўыл хожалығының түрли бағдарларын үйлесимли раўажландырыў, аймақларда турақлы экономикалық өсиўди тәмийинлеў ҳәм аўыл халқының бәнтлигин арттырыў мақсетинде “Фермер хожалықларында көп тармақлы жумыс” жойбары әмелге асырылмақта.

Жойбар шеңберинде райондағы белсенди фермерлер ҳәм қыйтақ жер ийелери ушын тәжирийбе алмасыў ҳәм алдынғы жумыс усылларын үйрениў мақсетинде Бекман Аллабергенов атындағы фермер хожалығына әмелий сапар шөлкемлестирилди. Сапар даўамында қатнасыўшылар аўыл хожалығындағы инновациялық көзқараслар, заманагөй интенсив бағшылық ҳәм ресурс үнемлеўши технологиялар менен жақыннан танысыў имканиятына ийе болды.

Бекман Аллабергенов фермер хожалығының басшысы Илҳам Палванов тараўға дерлик он жылдан берли меҳир қойып жумыс алып барып атырған исбилерменлерден бири болып есапланады. Оның атап өтиўинше, усы жыл хожалық ушын табыслы болған.

– Ҳәзирги күнде 110 гектар жер майданында 50 турақлы жумысшы менен биргеликте пахта, ғәлле, интенсив усылда тәрбияланып атырған алма ҳәм алмурт бағлары, сондай-ақ, басқа да түрдеги аўыл хожалығы өнимлерин жетистирип атырмыз. Соның менен бирге, 800 миллион сум муғдарында инвестиция қаратып, музлатқыш қоймаханасы ҳәм жаңа интенсив бағ қурдық.  Быйыл ғәлледен 160 тонна зүрәәт алдық.  Бул болса жәмәәтимиздиң тынымсыз мийнети ҳәм аўызбиршилигиниң нәтийжеси болып есапланады, – дейди фермер Илҳом Палванов.

Бундай көп тармақлы жумыс фермер хожалықларының турақлы раўажланыўы, жаңа жумыс орынларының жаратылыўы ҳәм халықтың дәрамат дәреклериниң кеңейиўине хызмет етпекте. Усындай жойбарлар арқалы аймақларда инновациялық көзқараслар әмелиятқа енгизилип, аўыл хожалығының бәсекиге шыдамлылығы және де артпақта.

                                                                      Қарақалпақстан хабар агентлиги