Өзбекстанлылар россиялыларға қарағанда бахытлырақ

173

Ең бахытлы мәмлекетлер рейтингин дүзиўши World Happiness Reportтиң соңғы есабатында атап өтилиўинше, экономикалық жағдайдағы өзгешеликлерге қарамастан, Қазақстан, Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан турақлы түрде жоқары дәрежедеги исеним ҳәм социаллық тилеклесликти көрсетип келди. Өзбекстан 140 мәмлекет арасында 6,2 балл менен 53-орынды ийеледи, бул оның қайырқомлық жумысларының жоқары дәрежеси (29-орын) ҳәм полицияға исеними (19-орын) менен ажыралып турады. Буннан алдынғы изертлеўде Өзбекстан 44-орынды ийелеген – социаллық қоллап-қуўатлаў, сақаўат ҳәм турмыстан қанаатланыў сыяқлы көрсеткишлер бойынша жоқары баҳаланған еди.

Қазақстан 40-орынды, Қырғызстан 5,9 балл менен 75-орынды ийеледи ҳәм басқаларға жәрдем бериў бойынша регионлық жетекшиге айланды (55-орын).

Тәжикстан 5,4 балл менен 90-орынды ийеледи, бирақ кеўиллилик бойынша дүньяда жетекши төртликтен бирине айланды.

Изертлеў нәтийжелерине бола Беларусь 59-орынды ҳәм Украина 105-орынды ийеледи.

Бул есабатта Россия 66-орыннан 72-орынға түсип қалғаны көрсетилген.

Vologda-poisk.ru басылымының хабар бериўинше, Россия күшли экономикалық көрсеткишлерди сақлап қалмақта, халықтың жан басына туўра келетуғын жалпы ишки өним глобал орташа көрсеткиштен жоқары. Бирақ, басқа факторлар оның улыўма бахыт индексин төменлетпекте: мәмлекетлик мәкемелерге исенимниң төменлеўи, өзине исенимсизлик сезиминиң күшейиўи ҳәм таңлаў еркинлиги ҳәм оптимистликтиң төменлеўи. Қәнигелер, сондай-ақ, субъектив абаданлыққа унамсыз тәсир көрсететуғын коррупция ҳәм социаллық анықсызлықтың жоқары дәрежесин атап өтпекте.

Финляндия, Дания, Исландия, Швеция, Нидерландия, Коста-Рика, Норвегия, Израиль, Люксембург ҳәм Мексика және бир мәрте дүньяның ең бахытлы мәмлекетлери деп табылды.

Бахыт индекси халықтың жан басына туўра келетуғын ЖИӨ, социаллық қоллап-қуўатлаў, саламат өмир сүриў даўамлылығы, таңлаў еркинлиги, сақаўат ҳәм коррупция ҳаққындағы көзқарасларды есапқа алады.

Изертлеў авторлары жоқары дәрамат бахытты кепиллемейтуғынын атап өтеди. Исеним, турақлылық ҳәм социаллық қәўипсизлик сезими әдеўир әҳмийетлирек. Соның ушын айырым орта дәраматлы мәмлекетлер – мәселен, Өзбекстан ҳәм Коста-Рика Россиядан жоқары орынды ийеледи.

Өткен жылғы сыяқлы Аўғанстан дүньядағы ең бахытсыз мәмлекет деп тән алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги