Спорт сынақлары – саламатлық жолында тасланған ең туўры қәдем

Саламат турмыс тәризин енгизиў, халық арасында физикалық белсендиликти арттырыў ҳәм денсаўлықты беккемлеў – мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири болып табылады. Усы мақсетте Әмиўдәрья районында «Физикалық таярлық дәрежеси» спорт сынақларына старт берилди.
Илаж район ҳәкимлиги, Спорт министрлиги, «Мәҳәлле» бирлеспеси, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими менен биргеликте өткерилди. Оның тийкарғы мақсети – халық арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, спортқа болған қызығыўшылықты арттырыў ҳәм физикалық жағдайды баҳалаў арқалы саламатлық мәдениятын жоқарылатыў.
Спорт сынақларында 30 жастан 70 жасқа шекемги болған пуқаралар белсене қатнасты. Олар жуўырыў, секириў, бүгилиў, физикалық теңсалмақлылықты сақлаў сыяқлы жөнелислер бойынша өз имканиятларын сынақтан өткерди. Ҳәр бир қатнасыўшының нәтийжелери арнаўлы критериялар тийкарында баҳаланып, олардың физикалық таярлық дәрежеси анықланды.

– Бул беллесиўлердиң, әсиресе, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар арасында саламатлық мәдениятын қәлиплестириўде әҳмийети үлкен, – дейди қатнасыўшы М.Есбергенова. – Бүгин жуўырыў жарысларында қатнасып, және де күшке толдым, жаңа энергия алдым.
Илаж соңында белсенди қатнасыўшыларға миннетдаршылық хаты ҳәм естелик саўғалары тапсырылды. Спорт тренерлери ҳәм саламат турмыс тәризи үгит-нәсиятлаўшылары тәрепинен халыққа мәсләҳәтлер, физикалық шынығыўларды туўры орынлаў ҳәм саламат аўқатланыў бойынша усыныслар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги