Сенат Баслығы: Өзбекстанға болған исеним глобал көлемде артып бармақта

Сенат жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирмекте. Мәжилисти кирис сөз бенен ашқан Сенат Баслығы Танзила Норбоева усы күнлерде дүньяның нәзери және Өзбекстанда екенине итибар қаратты.
– Самарқандта күни кеше Президентимиздиң қатнасыўында ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-тарийхый сессиясы ашылды, – деди Т.Норбоева. – Тарийхыйлығы сонда, сессия 40 жыл ишинде биринши мәрте шөлкемниң Париждеги резиденциясынан тысқарыда өткерилмекте. Бул болса глобал көлемде Өзбекстанға болған жоқары исеним артып атырғаны ҳәм, әлбетте, тән алыныўының үлгиси болып есапланады.
Өткен айда глобаллық көлемдеги және бир әҳмийетли әнжуман – БМШ Бас Ассамблеясының 80-юбилей сессиясында мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев дүнья жәмийетшилигиниң бас минберинен турып, елимизде Турақлы раўажланыў мақсетлерине үнлес ҳалда алып барылып атырған артқа қайтпайтуғын реформалардың мазмуны, пәти, жетискенликлеримиз, мақсет ҳәм ўазыйпаларымызға тоқтап өтти. Регионаллық ҳәм глобал күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелерге мәмлекетимиздиң мүнәсибети анық баян етилди. Раўажланыўға хызмет ететуғын әҳмийетли усыныс ҳәм басламалар алға қойылды.

Өзбекстанда Пүткил жер жүзилик профессионал билимлендириў саммитин өткериў, Орайлық Азия мәмлекетлериниң регионаллық шериклик ҳәм экономикалық интеграцияны тереңлестириўге қаратылған ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлаўға байланыслы резолюциясын қабыл етиў, Аўғанстан арқалы халықаралық транспорт ҳәм энергетика коридорларын раўажландырыў бойынша БМШ резолюциясын қабыл етиў, “Турақлы раўажланыў мақсетлери ушын өз-ара транспорт байланыслылығын беккемлеў” глобал механизмин енгизиў, санаатта “жасыл” технологиялар регионаллық хабын шөлкемлестириў, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, климат миграциясы мәселесинде халықаралық шериклик ҳәм муўапықластырылған сиясат жүргизиў бойынша Глобал пакт қабыл етиў, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў ҳәм мәденият тараўларында жасалма интеллекттиң әмелий шешим ҳәм моделлерин бийғәрез алмасыўға қаратылған Халықаралық бирге ислесиў механизмин жаратыў, “Жәҳән жасларының тынышлыққа қарай ҳәрекети”н шөлкемлестириў ҳәм оның резиденциясын Өзбекстанда жайластырыў сыяқлылар усылардың қатарына киреди.
Гендер сиясатына айрықша итибар қаратылып, жәмийетлик-сиясий тараўларда, соның ишинде, исбилерменлик тараўында ҳаял-қызлардың роли буннан былай да беккемленетуғыны айрықша атап өтилди. Усы мәниде, регионымыз көлеминде Азия ҳаял-қызлар форумын турақлы платформаға айландырып, турақлы өткерип барыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Мәмлекетимиз 2030-жылға барып “дәраматы орташадан жоқары болған” мәмлекетлер қатарына кириўди өз алдына мақсет етип қойғаны айрықша атап өтилди.
Бул оғада үлкен шек ҳәм оған ерисиўде ишки имканиятларды жумсаў менен бирге халықаралық жәмийетшилик ҳәм сырт мәмлекетлер менен бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў оғада әҳмийетли.
Усы мәниде, мәмлекетимиз басшысының Белгияға сапары ҳәм Европа Аўқамының жетекшилери менен жоқары дәрежедеги ушырасыўлар, Европаның жетекши компаниялары ҳәм финанслық структураларының басшылары менен сөйлесиўлер, дүзилген келисимлер үлкен әмелий әҳмийетке ийе.
Президентимиздиң қатнасыўында Әзербайжанның Габала қаласында болып өткен Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң саммити және Душанбе қаласында өткерилген “Орайлық Азия – Россия” форматындағы екинши саммит ҳәм ҒМДА Мәмлекет басшылары кеңесиниң мәжилислери де халықаралық байланысларымызда үлкен әмелий әҳмийетке ийе болды.
“Абырайлы минберлерде тек ғана Өзбекстан емес, ал Орайлық Азия, түркий дүнья ҳәм Дослық Аўқамы халықларының абаданлығына хызмет ететуғын әҳмийетли басламалар алға қойылғаны турақлы раўажланыў жолындағы ҳәрекетлерге әҳмийетли түртки болатуғыны сөзсиз. Улыўма алғанда, Нью-Йорк, Брюссель, Габала ҳәм Душанбедеги жоқары дәрежедеги сөйлесиўлердиң тийкарында миллий мәплеримиз жатыр”, деди Сенат Баслығы.
Норгул Абдураимова,
Алимурод Мамадаминов (сүўрет), ӨзА